Забур 79 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Асафтың жыры. «Лала гүллердиң келисими» намасына айтылады
2 Израилдың шопаны! Қулақ сал, Юсупти қой сыяқлы алып жүриўши, Нурыңды шаш, керублар арасында тахтта отырған.
3 Эфрайым, Бенямин ҳәм Менашше алдында, Өз күшиңди көрсет, Келип, бизлерди қутқар.
4 Қудай! Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар, Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!
5 Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы! Қашанға дейин, халқыңның дуўаларына қәҳәрленесең?
6 Бизлерге нан орнына көз жас бердиң, Көз жасқа әбден тойдырдың.
7 Қоңсыларымызды бизлерге қарсы ийтермеледиң, Душпанларымыз күлер үстимизден.
8 Әлемниң Қудайы! Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар, Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!
9 Мысырдан бир жүзим ағашын алып келип, Басқа халықларды қуўып, оны отырғыздың.
10 Ол ушын жер таярлап, тазаладың, Ол тамыр жайып, елди толтырды.
11 Көлеңкеси таўларды қаплады, Шақалары нәҳән кедр ағашын қаплады.
12 Шақалары созылды Жер Орта теңизине дейин, Бөртиклери болса, Евфрат дәрьясына дейин.
13 Не ушын қулаттың оның дийўалларын? Жолдан өткенлердиң ҳәммеси жүзимин жулсын деп пе?
14 Тоғайдағы доңызлар оны қопарып таслайды, Жабайы ҳайўанлар жеп қояды.
15 Әлемниң Қудайы, бизлерге жүзиңди бур, Көклерден қарап, нәзер сал, Ғамхорлық қыл усы жүзим ағашына.
16 Оң қолың менен отырғызғаныңды, Өзиң ушын күшейткен нәлиңди қорға!
17 Душпанларымыз оны отқа жағып, қырқып атыр, Ғәзебиң менен оларды өлтир.
18 Жәрдем қолың оң тәрепиңдегилердиң үстинде, Өзиң ушын тәрбиялаған халқыңның үстинде болсын.
19 Бизлер Сеннен ҳеш қашан безбеймиз, Бизлерди қайта тирилт, атыңды шақырамыз.
20 Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы! Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар, Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.