1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы әсбаптың шертилиўинде айтылатуғын Даўыттың жыры
2 Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз, Пүткил жер жүзинде уллы Сениң атың! Көктен де жоқары Сениң даңқың.
3 Душпанларыңның ҳәм жаўларыңның Үнин өшириў ушын, Нәрестелер ҳәм емизиўли балалардың аўзынан, Өзиңе мақтаўлар айтқыздың.
4 Қолларың менен дөреткен аспаныңа, Өзиң жайластырған ай ҳәм жулдызларға қарасам, Мынадай сораўлар пайда болар ойымда:
5 «Инсан ким болыпты, ол ҳаққында ойлайсаң? Адамзат ким болыпты, Сен оған ғамхорлық қыласаң?»
6 Сен оны Қудайдан сәл-ақ төменирек қылдың, Иззет-ҳүрмет тажын оған кийгиздиң.
7 Ҳәр бир дөреткениңниң үстинен оны ҳүкимдар қылдың, Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың:
8 Барлық майда ҳәм ири малларды да, Даладағы жабайы ҳайўанларды да,
9 Аспандағы қусларды, теңиздеги балықларды, Теңизде жүзетуғын ҳәр түрли мақлуқларды.
10 Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз, Пүткил жер жүзинде уллы Сениң атың!