1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы әсбаптың шертилиўинде айтылатуғын Асафтың жыры
2 Шадланып бақырың күш-қуўатымыз болған Қудайға, Қуўанышлы түрде қышқырың Яқыптың Қудайына!
3 Қосық айтың, дәп қағың, Жағымлы даўыслы лира ҳәм арфа шертиң.
4 Кәрнай шертиң жаңа айда, Толық айда, байрам күнимизде.
5 Бул Израил ушын бир қағыйдадур, Яқыптың Қудайының қарарыдур.
6 Қудай Мысырға қарсы жүрис қылғанда, Ол буны Юсуп урпағына нызам қылып қойды.Мен бир таныс болмаған даўысты тыңлап турман:
7 «Желкеңизден жүкти алып тасладым, Қолларыңызды аўыр себеттен азат қылдым.
8 Басыңызға апат түскенде, Мени шақырдыңыз, Сонда сизлерди қутқарып алдым, Гүлдирмама арасынан сизлерге жуўап бердим, Мериба суўлары жанында сизлерди сынадым.
9 Тыңла, халқым, сизлерге ескертемен: Израил, қәне енди, сен Маған қулақ салғаныңда!
10 Араңызда басқа қудай болмасын, Жат қудайға табынбаң.
11 Сени Мысырдан алып шыққан, Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан. Аўзыңды аш, оны толтыраман.
12 Бирақ халқым, сен даўысыма қулақ салмадың, Израил, сен Маған бойсыныўдан бас тарттың.
13 Мен де жүреклериңиздиң қайсарлығынша қалдырып, Жол қойдым өз қәлеўлериңиз бенен жүриўиңизге.
14 Қәне енди халқым, сен Маған қулақ салғаныңда, Израил, сен Мениң жолларым менен жүргениңде!
15 Душпанларыңызды дәрҳал бойсындырар едим, Жаўларыңызға қарсы қолымды көтерер едим!
16 Мени жек көретуғынлар Маған қуллық ететуғын еди, Олардың бул аўҳалы мәңги даўам етер еди.
17 Халқым, сизлерди ең жақсы бийдай менен азықландырар едим, Жартастағы пал менен тойдырар едим».