1 Қудай иләҳийлер жыйынын басқарып, Қудайлардың арасында ҳүкимин жәриялайды:
2 «Қашанға дейин, сизлер жаўызлардың тәрепин алып, Наҳақ қазылық етесиз?
3 Кәмбағал ҳәм жетимлерге әдалатлық көрсетиң, Ғәрип ҳәм жарлылардың ҳуқықын қорғаң.
4 Кәмбағал ҳәм ғәриплерди қутқарың, Жаўызлардың қолынан оларды азат қылың.
5 Сизлер ҳеш нәрсени билмейсиз, түсинбейсиз, Қараңғылықта жүресиз. Жер жүзиниң тийкары ләрзеге келеди.
6 „Сизлер қудайларсыз, Ҳәммеңиз – Қудай Тааланың улларысыз“, – дедим.
7 Бирақ сизлер инсан сыяқлы өлесиз, Ҳәр қандай ҳүкимдар сыяқлы қулайсыз!»
8 Тур, Қудай, қазылық ет жер жүзине, Пүткил халық Саған тийислидур.