1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2 Жаратқан Ийе, Өз елиңе мийрим көрсеттиң, Яқып урпағын абаданшылыққа және еристирдиң.
3 Халқыңның айыбын кеширдиң, Олардың барлық гүналарынан өттиң.
4 Пүткил ғәзебиңди услап қалдың, Лаўлаған қәҳәриңнен қайттың.
5 Бизлерди қутқарған Қудай, алдынғы аўҳалымызға қайтар, Бизлерге деген ғәзебиңди тоқтат.
6 Мәңги ғәзепленесең бе бизлерге? Ғәзебиңди әўладтан-әўладқа даўамлайсаң ба?
7 Халқың Сенде қуўаныш табыўы ушын, Бизлерди қайтадан жанландырмайсаң ба?
8 Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиңди көрсет, Бизлерге қутқарыўыңды инам ет.
9 Қудайдың, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ түремен, Ол Өз халқына, Өзиниң садық адамларына тынышлық сөзин айтады, Енди олар ақылсыз жолларына қайтпасын.
10 Оның салтанаты елимизде мәканлаўы ушын, Сөзсиз, Оннан қорққанларға Оның қутқарыўы жақын.
11 Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ушырасады, Әдиллик пенен тынышлық сүйиседи.
12 Садықлық жерден көгерип шығады, Әдалатлық аспаннан қарайды.
13 Жаратқан Ийе ийгиликти жаўдырады, Жеримиз өз өнимин береди.
14 Әдалатлық Оның алдында жүреди, Оның қәдемлери ушын жол таярлайды.