Забур 85 bob

1 Жаратқан Ийе, қулақ салып, жуўап бер маған, Мен ғәрип ҳәм мүтәжбен.
2 Жанымды қорға, Саған садықпан, Қудайым, Саған үмит байлаған қулыңды қутқар!
3 Маған мийрим-шәпәәтиңди түсир, Ийе, Саған күни бойы жалбарынаман.
4 Қулыңның қәлбин қуўанышқа толтыр, Жүрегимди ашаман Саған, Ийе.
5 Сен ийгиликли ҳәм кеширимлисең, Ийе, Сени шақырғанлардың ҳәммесине сүйиспеншилигиң мол.
6 Қулақ сал мениң дуўама, Жаратқан Ийе, Жалбарынған даўысыма дыққат ет!
7 Қыйын күнлеримде Сени шақыраман, Сен мени еситесең.
8 Қудайлар арасында Саған теңлесетуғыны жоқ, Ийе, Сениң ислериңдей ислер жоқ.
9 Сен жаратқан барлық миллетлер, Ийе, Сениң алдыңа келип, тәжим қылады, Сениң атыңды даңққа бөлейди.
10 Сен уллысаң, әжайып ислер ислейсең, Сен жалғыз Қудайсаң.
11 Жаратқан Ийе, жолыңды маған үйрет, Саған садық болып жүрейин, Сениң атыңнан қорқатуғын етип, жүрегимди беккемле.
12 Қудай Ийем, шын жүрегим менен алғыслайман, Сениң атыңды мәңги даңққа бөлеймен.
13 Маған деген сүйиспеншилигиң уллы, Жанымды өлилер мәканының туңғыйығынан аман сақлайсаң.
14 Қудай, арсызлар маған қарсы көтерилди, Қарақшылар топары жанымды алыў ушын мени излеп жүр, Олар Сени писент етпейди.
15 Сен, Ийе, реҳимли ҳәм мийримли Қудайсаң, Сабыр-тақатлы, сүйиспеншилигиң шексиз ҳәм садықсаң.
16 Аўҳалыма қара, реҳим қыл маған, Қулыңа күш-қуўат бер, Шорыңның улын қутқар.
17 Қайырқомлығыңнан бир белги көрсет маған, Мени жек көретуғынлар көрип, уялып қалсын. Жаратқан Ийе, жәрдем көрсетип, Маған жубаныш берген Өзиңсең.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.