1 Қорах әўладының жыры. Қосық
2 Жаратқан Ийе мухаддес таўлар үстине Сионның тийкарын қурды, Яқыптың барлық мәкан жайларынан гөре, Сионның дәрўазаларын сүйеди.
3 Қудайдың қаласы, Сен ҳаққында әжайып сөзлер айтылады.
4 Қудай былай дейди: «Мени таныйтуғынлар ишинде, Раҳаб ҳәм Бабилонияны есапқа аламан. Мине, Филистия, Тир ҳәм Хабашстан да, Сол жерде туўылған».
5 Сион ҳаққында былай деп айтылады: «Ҳәр бири сол жерде туўылған! Қудай Тааланың Өзи Сионды беккемлейди».
6 Жаратқан Ийе халықларды дизимге алғанда, «Бул да Сионда туўылды», – деп жазады.
7 Жыршылар ҳәм ойынға түсиўшилер: «Өмиримниң булағы сендедур!» – дейди.