Забур 87 bob

1 Қосық. Қорах әўладының жыры. Атқарыўшылардың жетекшиси ушын. Муңлы айтылатуғын Эзрахлы Ҳеманның айрықша жыры
2 Жаратқан Ийе, мени қутқарыўшы Қудай, Күни-түни алдыңа келип, жалбарынаман.
3 Дуўам Сениң алдыңа жетип барсын, Қулақ сал жалбарыныўыма.
4 Жаным азапқа толы, Өмирим өлилер мәканына жақынласты.
5 Қәбирге киргенлер арасында деп есапланаман, Ҳал-дәрманы қалмаған адамға уқсайман.
6 Мен өлилер арасына тасланғанман, Сен енди еске алмайтуғын, Жәрдем қолыңнан маҳрум болған, Қазаланып қәбирде жатырғанларға уқсайман.
7 Сен мени қәбирдиң түбине, Қараңғылық ҳәм туңғыйыққа тасладың.
8 Ғәзебиң үстимди зилдей басып, Барлық толқынларың менен ездиң мени.
9 Жолдасларымнан айырдың, Мени оларға жеркенишли қылдың, Қамалып қалдым, шыға алмайман.
10 Көзлерим қайғыдан ҳәлсиреген, Ҳәр күни Сени шақырдым, Жаратқан Ийе, Қолларымды Саған жайдым.
11 Кәраматларыңды көрсетер ме едиң өлилер ушын? Руўхлары турып, Сени тәрийиплер ме еди?
12 Сениң сүйиспеншилигиң қәбирде, Садықлығың набыт болыў мәканында айтыла ма?
13 араңғылықта Сениң әжайып ислериң ҳаққында, Умытылыў мәканында әдалатлығың ҳаққында айтыла ма?
14 Ал мен, Жаратқан Ийе, Сени жәрдемге шақыраман, Қылған дуўам таңда жетип барар Саған.
15 Не ушын меннен жүз бурдың, Жаратқан Ийе, Неге жүзиңди меннен жасырасаң?
16 Жаслығымнан қыйналаман, өлимим жақын қалған, Қорқынышың алдында шарасыз қалдым.
17 Қәҳәрли ғәзебиң үстимнен басып таслады, Қорқынышларың мени тамам қылды.
18 Күни бойы булар суў сыяқлы орап алды, Дөгерегимди пүткиллей қоршап алды.
19 Досларымнан ҳәм жақынымнан айырдың, Тек ғана қараңғылық жолдасым болып қалды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.