1 Эзрахлы Этанның айрықша жыры
2 Жаратқан Ийениң сүйиспеншилигин мәңги жырлайман, Садықлығын әўладтан-әўладқа жәриялайман.
3 Сүйиспеншилигиң мәңги орналасқан, Садықлығыңды көклерде беккемледиң, деймен.
4 Сен былай дедиң: «Таңлағаным менен келисим дүздим, Қулым Даўытқа былай деп ант иштим:
5 „Урпағыңды мәңги беккем қыламан, Тахтыңды әўладтан-әўладқа даўам еттиремен“».
6 Жаратқан Ийе, көклер алғыслар әжайып ислериңди, Мақталар садықлығың периштелер жыйынында.
7 Көклерде Жаратқан Ийеге ким теңлесе алады? Иләҳий барлықлар ишинде Жаратқан Ийеге уқсайтуғыны бар ма?
8 Периштелер кеңесинде Қудай оғада қорқынышлы, Әтирапындағылардың ҳәммесинен айбатлы.
9 Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Сен сыяқлы күшли бар ма, Жаратқан Ийе? Садықлығың әтирапыңды орап алған.
10 Қутырған теңизлер үстинен Сен ҳүкимдарлық қыласаң, Көтерилген толқынларды Сен тынышландырасаң.
11 Сен Раҳабты өликтей етип езип тасладың, Қүдиретли қолың менен душпанларды тарқатып жибердиң.
12 Көклер Сеники, жер жүзи де Сеники, Дүньяны ҳәм оны толтырып турғанларды Сен орнаттың.
13 Арқа ҳәм қубланы Өзиң жараттың, Табор ҳәм Хермон таўлары атың себепли шадланып бақырады.
14 Билегиң күшли, қолың қүдиретли, Оң қолың ҳәммесинен бәлентте.
15 Әдиллик ҳәм әдалатлық тахтыңның тийкары, Сүйиспеншилик ҳәм садықлық алдыңда турады.
16 Қандай бахытлы бәлент даўыста шадланған халық, Жаратқан Ийе! Олар Сениң жүзиңниң нурында жүреди.
17 Күни бойы Сениң атың себепли шадланады, Әдиллигиң арқалы жоқары көтериледи.
18 Сен даңққа бөлейтуғын күшимизсең, Ыразылығың арқалы күшимиз артады.
19 Қалқанымыз Жаратқан Ийеники, Патшамыз Израилдың Мухаддесине тийисли.
20 Бурын аян арқалы сөйлеп, Өз садық адамларыңа былай дедиң: «Бир жаўынгерди қоллап қуўатладым, Халық ишинен бир жигитти жоқары көтердим.
21 Қулым Даўытты таптым, Мухаддес майым менен оны майладым.
22 Қолым оны қоллап қуўатлайды, Билегим оған күш береди.
23 Душпан оны алдай алмайды, Жаўызлар оған зулымлық қыла алмайды.
24 Жаўларын оның көз алдында еземен, Оны жек көргенлерди қыраман.
25 Садықлығым ҳәм сүйиспеншилигим оның менен бирге, Мениң атым менен ол жеңиске ериседи.
26 Оның қолын теңиздиң үстине, Оң қолын дәрьялардың үстине қояман.
27 Ол Мени шақырып, былай дейди: „Сен мениң әкемсең, Қудайымсаң, Қутқарыўшы жартасымсаң“.
28 Мен де оны туңғыш ул қылып аламан, Дүньядағы патшалардың ең уллысы қыламан.
29 Оған болған сүйиспеншилигимди мәңги сақлайман, Оның менен дүзген келисимим беккем турады.
30 Әўладын мәңгиге, Тахтын көклер турғанша даўам еттиремен.
31 Егер оның нәсили көрсетпелеримнен жүз бурып, Нызамларым бойынша жүрмесе,
32 Қағыйдаларымды бузып, Буйрықларымды орынламаса,
33 Жынаятлары ушын таяқ пенен ураман, Гүналары ушын оларды жазалайман.
34 Бирақ Даўытқа болған сүйиспеншиликтен ўаз кешпеймен, Садықлығыма немқурайды қарамайман.
35 Келисимимди бузбайман, Аўзымнан шыққан сөзимнен ҳасла қайтпайман.
36 Бир мәрте мухаддеслигим ҳақы ант иштим, Даўытты алдамайма.
37 Оның әўлады мәңги даўам етеди, Оның тахты Мениң алдымда қуяш яңлы турады.
38 Ай сыяқлы мәңги-бақый аман турады, Көклерде садық гүўа болады».
39 Бирақ Сен оннан жеркенип, жүз бурдың, Майлаған патшаңа қатты ғәзеплендиң.
40 Қулың менен дүзген келисимнен бас тарттың, Оның тажын топыраққа былғадың.
41 Оның барлық дийўалларын қулаттың, Ўайран қылдың қорғанларын.
42 Жолдан өткенлердиң ҳәммеси оны тонады, Қоңсы халықларға масқара болды.
43 Жаўларының оң қолын оннан жоқары қылдың, Барлық душпанларын қуўанышқа бөледиң.
44 Өткир қылышын артқа қайтардың, Саўашта оны қоллап қуўатламадың.
45 Оның салтанатына шек қойдың, Тахтын жерге қулаттың.
46 Оның жаслық күнлерин қысқарттың, Оны шерменде қылдың.
47 Қашанға дейин бул даўам етеди, Жаратқан Ийе?! Өзиңди бизлерден мәңги жасырасаң ба? Қашанға дейин, ғәзебиң оттай лаўлап жанады?
48 Есиңе түсир өмиримниң қаншелли қысқа екенин, Не ушын адамзатты бийҳуда жараттың?!
49 Бул дүньяда өмир сүрип, өлим көрмейтуғын, Өлилер мәканының қолынан жанын қутқаратуғын адам бар ма?
50 Қаяқта сениң бурынғы сүйиспеншилигиң, Ийе? Даўытқа садықлық пенен ант ишкен едиң!
51 Есле, Ийе, қулыңның шерменде болғанын, Барлық халықлардың хорлықлы сөзлерин көтерип жүриппен.
52 Есле, душпанларыңның масқаралаўын, Майлаған патшаңның ҳәр бир қәдемин масқара қылыўын.
53 Жаратқан Ийеге мәңги алғыслар болсын! Аўмийин! Аўмийин!