Забур 89 bob

1 Қудайдың адамы болған Муўсаның дуўасы
2 Ийе, әўладтан-әўладқа, Бизлердиң пана жеримиз болдың.
3 Таўлар пайда болмасынан алдын, Жер жүзи ҳәм дүньяны бар қылмасыңнан алдын, Әзелден мәңгиге Сен – Қудайсаң.
4 Адамзатты топыраққа қайтарасаң, «Адам уллары топыраққа қайтың», – дейсең.
5 Сениң нәзериңде мың жыл өткен бир күн сыяқлы, Өтетуғын түнги бир нәўбетшилик яңлы.
6 Адамларды тасқын суў сыяқлы ығызып кетесең, Олар таңда умыт болатуғын түс сыяқлы, Азанда гүллеп, өсетуғын, Ал кеште солып қалатуғын шөп киби.
7 Жоқ болып кетемиз ғәзебиңнен, Қорқынышқа түсемиз Сениң қәҳәриңнен.
8 Сен айыпларымызды Өзиңниң алдыңа, Жасырын гүналарымыз жүзиңниң нуры алдына қойдың.
9 Күнлеримиз ғәзебиң астында өтер, Жылларымыз бир дем яңлы таўысылар.
10 Өмиримиз жетпис жыл екен, Егер күшли болсақ, сексен жыл болар. Әжайып жылларымыз да машқала ҳәм қыйыншылықта өтти, Өмиримиз тез өтер, ушып кетермиз.
11 Ким биле алар Сениң ғәзебиңниң күшин? Адамлар қорққандай, ол сондай күшли!
12 Дана жүрекке ийе болыўымыз ушын, Өмиримиздиң күнлерин санаўды үйрет.
13 Бизлерге қайт, Жаратқан Ийе! Қашанға дейин бул даўам етеди? Қулларыңа реҳим қыл!
14 Таңда бизлерди сүйиспеншилигиң менен тойдыр, Өмир бойы қуўанып, шадланып бақырайық.
15 Бизлерди азапқа қалдырған күнлериңниң, Бахытсыз жасаған жылларымыздың есесине, Бизлерди шадлыққа бөле.
16 Сениң ислериң қулларыңа, Салтанатың олардың балаларына көринсин.
17 Қудай Ийемиз, Сениң бизлерге мийримиң түссин, Қол мийнетимизди табыслы қыл, Аўа, қол мийнетимизди табыслы қыл.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.