Забур 9 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Улдың өлими» намасына айтылады. Даўыттың жыры
2 Жаратқан Ийе, шын жүректен Сени тәрийиплеймен, Барлық әжайып ислериңди жәриялайман.
3 Сен себепли қуўанып, шадланаман, Атыңа арнап, саз шертип алғыслайман, Қудай Таала!
4 Душпанларым шегинип қашқанда, Сүрнигип өлер Сениң алдыңда.
5 Мени ҳүким қылып, даўамды қарап шықтың, Тахтыңа отырып, әдил ҳүким шығардың.
6 Қәҳәрленип, халықларды айыпладың, Напәклерди жоқ қылдың, Мәңги-бақый өширдиң олардың атларын.
7 Ўайран ишинде қалып, мәңги жоқ болды душпанымыз, Сен олардың қалаларын қулаттың, Олар енди қайтадан еске алынбас.
8 Жаратқан Ийе мәңги патшалық қылады, Ҳүким қылыў ушын Өз тахтын қурды.
9 Ол дүньяны басқарар әдалатлық пенен, Ҳүким қылар халықларды әдиллик пенен.
10 Езилгенлер ушын Жаратқан Ийе бийик қорғандур, Қыйын жағдайларда оларға қорған болар.
11 Сени таныйтуғынлар, Саған үмит байлар, Жаратқан Ийе, Өзиңди излегенлерди ҳеш қашан таслап кетпедиң.
12 Саз шертип, Сионда отырған Жаратқан Ийени алғыслаң! Ислеген ислерин халықлар арасында жәриялаң!
13 Төгилген қанның қунын талап қылады, Ол буларды есте сақлайды, Езилгенлердиң пәриядын умытпайды.
14 Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе! Мени жек көрген жаўларым азап бермекте! Өлим аўзынан Сен мени қайтарасаң.
15 Соның ушын, қыз Сионның дәрўазалары алдында, Саған алғыс-мақтаў айтаман, Шадланаман, мени қутқарған Сенсең.
16 Халықлар өзлери қазған шуқырға өзлери түсти, Қурған торларына өз аяқлары илинди.
17 Әдил ҳүкими менен Жаратқан Ийе Өзиниң кимлигин көрсетти, Залымлар өзлери қурған дузаққа түсти.
18 Жаўызлар ҳәм Қудайды умытқан барлық халықлар, Өлилер мәканына түсер.
19 Ал мүтәж адамлар ҳәмме ўақытта умытылып қалмас, Ғәриплердиң үмити мәңги жоққа шығарылмас.
20 Тур, Жаратқан Ийе! Адамзат жеңип шықпасын, Дәргайыңда халықлар ҳүким қылынсын.
21 Оларға қорқыныш бер, Жаратқан Ийе! Халықлар өзлериниң адамзат екенин билсин.
22 Жаратқан Ийе, не ушын узақта турыпсаң, Қыйын жағдайларда Өзиңди жасырасаң?
23 Жаўызлар менменлик пенен ғәриплерди аўлайды, Өз басына жетсин тоқыған ҳийлелери.
24 Жаўыз адам жаўыз ҳәўеслери менен мақтанар, Ашкөз адам Жаратқан Ийеге нәлет айтып, Оны менсинбес.
25 Қудайға қарай умтылмайды тәкаббир залымлар, Ҳәмме ўақытта «Қудай жоқ», – деп ойлайды олар.
26 Залымлар ҳәмме ўақытта табысқа ерисер, Қудайдың буйрықларына ақылы жетпес, Олар душпанларын писент етпес.
27 Олар өз кеўлинде былай деп ойлайды: «Бизлер ҳеш қашан сүрникпеймиз, Әўладтан-әўладқа апатқа дус келмеймиз».
28 Жаўызлардың аўзы нәлетке, ҳийлеге, зулымға толы, Тилиниң астында тур жаўызлық ҳәм жаман сөзлер.
29 Олар аўылларда жасырынып алады, Аңлып, айыпсыз адамды өлтиреди. Көзлери шарасыз қалған қурбанды излейди.
30 Буққыда жатқан арыслан сыяқлы, Бийшараны услайман, деп тасада жатады. Өз торына илиндирип, ғәрипти услап алады.
31 Бийшара жеңилип, қулайды, Жаўыздың олжасына айланады.
32 Олар өз кеўлинде: «Қудай қылмысларымызға итибар бермейди, Жүзин жаўып алған, ҳеш қашан көрмейди», – деп ойлайды.
33 Тур, Жаратқан Ийе, қолыңды соз, Қудай! Езилгенлерди умытпа!
34 Не ушын жаўызлар Сени менсинбейди? Не ушын олар өз кеўлинде: «Қудай меннен есап сорамайды», – дейди?
35 Ал Сен езилгенлерди ҳәм азап шеккенлерди көресең, Жәрдем бериў ушын оларға нәзер саласаң, Шарасыз қалғанлар өзлерин Саған тапсырады, Жетимлердиң жәрдемшиси Өзиңсең.
36 Напәк ҳәм жаўыздың қолларын сындырып тасла, Қылмыслары ушын олардан есап сора, Басқа жаўызлық қылмасын олар.
37 Жаратқан Ийе мәңги-бақый патшадур, Жоқ болады Оның елинен басқа халықлар.
38 Жаратқан Ийе, езилгенлердиң тилегин еситесең, Жигерлендирерсең оларды, Жетим ҳәм езилгенлердиң дадына қулақ салып,
39 Ҳеш адам бендеси оларды қорқынышқа салмасын, деп, Әдиллик қыласаң оларға.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.