Забур 90 bob

1 Қудай Тааланың панасында жасаған адам, Қүдирети күшли Қудайдың саясында түнейди.
2 Жаратқан Ийеге былай деймен: «Сен мениң панамсаң, бекинисимсең, Мен үмит байлаған Қудайымсаң».
3 Сөзсиз Ол сени аңшының дузағынан, Өлтиретуғын иллеттен қутқарады.
4 Ол сени орайды Өз пәрлери менен, Оның қанатларының астынан пана табасаң, Оның садықлығы қалқаның ҳәм қорған дийўалың болады.
5 Сонда сен түнде қәўип-қәтерден, Күндиз ушқан оқлардан,
6 Қараңғылықта келетуғын иллеттен, Түски ўақытта қырғын келтиретуғын апаттан қорқпайсаң.
7 Қапталыңда мың адам, Оң тәрепиңде он мың адам қырылса да, Бул апатлар саған жақынламайды.
8 Тек ғана сен өз көзиң менен, Жаўыз адамлардың жазаланыўын көресең.
9 Егер Жаратқан Ийени өз панаң, Қудай Тааланы мәканлайтуғын жериң қылсаң,
10 Бәлеге дуўшар болмайсаң, Шатырыңа апат жақынламайды.
11 Ол периштелерине буйрық береди, Периштелер барлық жолларыңды қорғайды.
12 Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, Олар сени қолларында алып жүреди.
13 Арыслан ҳәм жыланның үстинен басып өтесең, Күшли арыслан ҳәм жыланды басқылап таслайсаң.
14 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мени сүйгени ушын, оны қутқараман, Мениң атымды билгени ушын, оны аман сақлайман.
15 Мени шақырғанда, оған жуўап беремен, Басына ис түскенде, оның қасында боламан, Оны қутқарып, иззет көрсетемен.
16 Оған узақ өмир бағышлайман, Өз қутқарыўымды оған көрсетемен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.