1 Жыр. Шаббат ушын арналған қосық
2 Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў, Саз шертип, Қудай Тааланың атын алғыслаў,
3 Таңда сүйиспеншилигиңди, Түнде садықлығыңды жәриялаў қандай жақсы!
4 Буларды он тарлы әсбап, арфа, Және лира ҳаўазында айтыў қандай жақсы!
5 Ислериң менен мени қуўандырдың, Жаратқан Ийе, Қолларыңның ислери себепли шадланып бақыраман.
6 Қандай уллы ислеген ислериң, Жаратқан Ийе, Ой-пикирлериң жүдә терең!
7 Надан адам буны билмейди, Ақмақ адам буны түсинбейди.
8 Наҳақлар майса шөптей өсип шыққаны менен, Жаўызлық ислеўшилер жайнап-жаснағаны менен, Олар мәңгиге жоқ қылынады.
9 Бирақ Сен мәңгиге уллысаң, Жаратқан Ийе.
10 Мине, Жаратқан Ийе, душпанларың сөзсиз, Аўа, сөзсиз қырылып кетеди, Жаўызлық ислеўшилердиң ҳәммеси тарқалып кетеди.
11 Мени жабайы буғадай күшли қылдың, Таза зәйтүн майы менен майладың.
12 Душпанларымның жеңилисин көрди көзлерим, Маған қарсы шыққан жаўызларға не болғанын еситти қулағым.
13 Ҳақ адам пальма ағашындай гүллеп жаснайды, Лебанондағы кедр ағашындай бийик болып өседи.
14 Олар Жаратқан Ийениң Үйине отырғызылған болып, Қудайымыздың ҳәўлисинде гүллеп жаснайды+.
15 Ҳәттеки, қартайса да, мийўесин береди, Жапырақлары қойыў, тап-таза болып турады.
16 Олар былай деп жәрия қылады: «Жаратқан Ийе әдалатлы! Сүйенген жартасым! Онда ҳеш қашан наҳақлық болмас!»