1 Жаратқан Ийе патшалық қылмақта! Ол уллылықты кийим етип кийип, Қүдиретти белине байлаған, Дүнья беккем орнатылған, тербелмейди.
2 Сениң тахтың әзелден орнатылған, Сен әзелден барсаң.
3 Суў толқынлары гүркиреп шуўылдайды, Жаратқан Ийе, Толқынлар гүркиреп даўыс шығарады, Толқынлар гүркиреп шуўылдап, урылады.
4 Жоқарыдағы Жаратқан Ийе уллы суўлардың гүркиреўинен, Күшли теңиз толқынларынан да қүдиретли.
5 Сениң қағыйдаларың турақлы, Ибадатханаңа мухаддеслик мәңги жарасады, Жаратқан Ийе.