Забур 93 bob

1 Өш алыўшы Қудай, Жаратқан Ийе, Өш алыўшы Қудай, нурыңды шаш!
2 Тур, жер жүзин ҳүким етиўши, Менменлерге ылайықлы жазасын бер!
3 Жаўызлар қашанға дейин, Жаратқан Ийе, Қашанға дейин, үстем болып шадланады?
4 Аўызларынан менмен сөзлер шығып, Залымлардың ҳәммеси мақтанып атыр.
5 Жаратқан Ийе, олар халқыңды езип, Өзиң таңлаған халқыңа азап берип атыр.
6 Жесир ҳәм келгиндини өлтирип, Жетимлерди жоқ қылып атыр.
7 Олар: «Жаратқан Ийе көрмейди, Яқыптың Қудайы итибар бермейди», – дейди.
8 Ҳәй, халықтың ишиндеги ойсызлар, дыққат етиң, Ҳәй, ақмақлар, қашан сизлерге ақыл киреди?
9 Қулақты жаратқан еситпей ме? Көзди дөреткен көрмей ме?
10 Миллетлерге тәртип берген, Адамзатқа билим берген жазаламай ма?
11 Жаратқан Ийе адамзаттың пикирлерин, Ҳәм оның бийҳуда екенин биледи.
12 Жаратқан Ийе, қандай бахытлы Сен тәртип берген, Нызамыңды Өзиң үйреткен ада!
13 Қыйын күнлерде оған тынышлық бересең, Жаўызлар ушын шуқыр қазылғанша, ол аман болады.
14 Аўа, Жаратқан Ийе халқын таслап кетпейди, Өз меншик халқын тәрк етпейди.
15 Ҳүкимниң тийкары және әдалат болады, Әдил адамлар оның изине ереди.
16 Ким мени қорғаў ушын жаўызларға қарсы шығады? Ким мен ушын залымларға қарсы турады?
17 Егер Жаратқан Ийе маған жәрдем бермегенде, Жаным үнсиз өлим мәканына түсер еди.
18 «Аяғым тайып атыр», – дегенимде, Сениң сүйиспеншилигиң мени қоллады, Жаратқан Ийе.
19 Ишим қайғы-уўайымға толып кеткенде, Сениң жубанышың кеўлимди көтерди.
20 Қағыйданы бәнелеп, наҳақлық қылған ҳүкимдар, Сениң менен шерик бола ала ма?
21 Олар ҳақ адамға қарсы бирлеседи, Айыпсызға өлим жазасын береди.
22 Бирақ Жаратқан Ийе мениң қорғаным, Қудайым, паналайтуғын жартасым.
23 Қудайымыз Жаратқан Ийе олардың жаўыз ислерин, Өз басына келтиреди. Жаўызлықлары ушын оларды жоқ қылады, Аўа, оларды жоқ қылады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.