1 Келиң, Жаратқан Ийеге шадланып бақырайық, Қутқарыўшы жартасқа шадланайық.
2 Алғыс айтып, Оның алдына келейик, Оған бәлент даўыс пенен қосық айтайық!
3 Жаратқан Ийе уллы Қудайдур, Барлық қудайлардан үстем турыўшы уллы патшадур.
4 Жердиң туңғыйықлары Оның қолында, Таў шыңлары да Оған тийисли.
5 Теңиз Оныки, оны Өзи жаратты, Қурғақ жерди де Өз қолы менен дөретти.
6 Келиң, тәжим қылып, ийилейик, Бизлерди жаратқан Жаратқан Ийениң алдында дизе бүгейик.
7 Ол бизлердиң Қудайымыз, Бизлер Оның бағып атырған халқымыз, Қолының астындағы қойларымыз. Егер бүгин Оның даўысын еситсеңиз,
8 Мерибада, сол күни шөлдеги Массада болғаны сыяқлы, Тас қылмаңлар жүреклериңизди.
9 Ислеген ислеримди көрген болса да, Ата-бабаларыңыз сол жерде Мени сынап, тексерди.
10 Қырық жыл даўамында ол әўладтан жеркенип, былай дедим: «Олар жүреклери азғырылған халық, Мениң жолларымды билмейди».
11 Сонлықтан ғәзепленип, былай деп ант иштим: «Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма ҳасла кирмейди!»