1 Жаратқан Ийеге таза қосық айтың! Ҳәй, пүткил дүнья, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың!
2 Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың, Оның атын алғыслаң, Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
3 Жәриялаң Оның даңқын миллетлер арасында, Әжайып ислерин барлық халықлар ишинде!
4 Жаратқан Ийе уллы, мақтаўға жүдә ылайықлы, Барлық қудайлардан да айбатлы.
5 Халықлардың барлық қудайлары жалған, Жаратқан Ийе болса, көклерди жаратқан.
6 Салтанат ҳәм уллылық Оның дәргайында, Қүдирет ҳәм гөззаллық мухаддес Ибадатханасында.
7 Ҳәй, барлық халықлар, Жаратқан Ийени алғыслаң, Жаратқан Ийениң қүдирет ҳәм салтанатын алғыслаң,
8 Жаратқан Ийениң даңқлы атына алғыс айтың, Садақалар усынып, ҳәўлисине кириң!
9 Мухаддес салтанатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының! Ҳәй, пүткил жер жүзи, Оның алдында титирең!
10 Миллетлер арасында: «Жаратқан Ийе патшалық қылмақта, Дүнья беккем орнатылған, қозғалмайды, Ол халықларды әдалатлық пенен ҳүким қылады», – деп айтың.
11 Қуўансын көклер, йошлансын жер жүзи! Гүўлесин теңиз ҳәм оның ишиндегилер!
12 Қуўансын қыр ҳәм оның үстиндегилер! Сонда шадланып бақырады тоғайдағы тереклер.
13 Киятырған Жаратқан Ийениң алдында. Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр, Дүньяны әдалатлық пенен, Халықларды Өз әдиллиги менен ҳүким етеди.