1 Жаратқан Ийе патшалық қылмақта, Шадлансын жер жүзи, Барлық атаўлар қуўансын!
2 Булт ҳәм қойыў қараңғылық Оның дөгерегин қаплаған, Әдиллик ҳәм әдалатлық тахтының тийкары.
3 От жүрер Оның алдында, Әтирапындағы душпанларын жандырып жибереди.
4 Шақмақлары дүньяны жақтыландырады, Жер жүзи оны көрип, титирейди.
5 Жаратқан Ийениң алдында, Пүткил жер жүзиниң Ийесиниң алдында, Таўлар мумдай ерип кетеди.
6 Көклер Оның әдалатлығын жәриялайды, Пүткил халықлар уллылығын көреди.
7 Бутқа табыныўшылар, Жалған қудайлары менен мақтанатуғынлар шерменде болсын! Жаратқан Ийеге сыйының, ҳәй, барлық қудайлар!
8 Жаратқан Ийе, ҳүкимлериңди еситип, Сион қуўанады, Яҳуда қалалары шадланады.
9 Жер жүзиндеги ең уллысы Сенсең, Жаратқан Ийе, Барлық қудайлардан үстемсең, уллысаң.
10 Жаратқан Ийени сүйетуғынлар, Жаманлықты жек көриң. Ол садық қулларының жанын қорғайды, Оларды жаўызлардың қолынан қутқарады.
11 Ҳақ адамларға нур шашылып, Пәк жүреклилер қуўанышқа бөленеди.
12 Ҳәй, ҳақ адамлар, Жаратқан Ийе менен шадланың, Оның мухаддес атын тәрийиплең!