1 Жаратқан Ийеге таза қосық айтың, Ол әжайып ислер қылды, Жеңис алып келди Оның оң қолы ҳәм мухаддес билеги.
2 Жаратқан Ийе миллетлерге Өз жеңисин аян етти, Әдалатлығын оларға көрсетти.
3 Израил халқына болған сүйиспеншилигин, Оларға болған садықлығын есинде сақлады, Қудайымыздың жеңисин көрди дүньяның төрт тәрепи.
4 Пүткил жер жүзи шадланып бақырың, Жаратқан Ийеге, Қуўанышлы түрде саз шертип, қосық айтың.
5 Лира шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтың, Лира ҳәм саз ҳаўазлары астында!
6 Ҳәр түрли кәрнайлар шертип, Бәлент даўыста шадланың патшамыз Жаратқан Ийениң алдында.
7 Гүўлесин теңиз ҳәм оның ишиндегилер, Жер жүзи ҳәм онда жасайтуғынлар.
8 Дәрьялар қол шаппатласын, Таўлар биргеликте шадланып бақырсын,
9 Жаратқан Ийениң алдында! Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр. Ол дүньяны әдалатлық пенен, Халықларды теңлик пенен ҳүким етеди.