1 Жаратқан Ийе патшалық қылмақта, Титиресин халықлар! Керублар арасындағы тахтына отыр, Шайқалсын жер жүзи!
2 Сионда Жаратқан Ийе уллы, Ол барлық халықлардан да жоқары.
3 Олар Сениң уллы ҳәм айбатлы атыңды алғысласын! Ол мухаддесдур.
4 Әдалатлықты сүйетуғын қүдиретли Патша, Сен әдилликти орнаттың, Яқып урпағында әдалатлық ҳәм әдиллик орнаттың.
5 Қудайымыз Жаратқан Ийени уллылаң, Оның аяқ қойғышының алдына жығылып, сыйының! Ол мухаддесдур.
6 Оның руўханийлери арасында Муўса менен Харон да бар еди, Самуел де Оның атын айтып шақырғанлар арасында еди. Олар Жаратқан Ийеге жалбарынды, Ол да оларға жуўап берди.
7 Минара сыяқлы булт ишинен олар менен сөйлести, Олар Оның буйрықларына, Өзлерине берилген қағыйдаларға әмел қылды.
8 Қудайымыз Жаратқан Ийе, Сен оларға жуўап бердиң, Ислеген жаўызлықлары ушын жазаласаң да, Кешириўши Қудай болдың.
9 Қудайымыз Жаратқан Ийени уллылаң, Сыйының Оған мухаддес таўында! Қудайымыз Жаратқан Ийе мухаддесдур!