1 Пүткил дүнья, бәлент даўыста Жаратқан Ийеге шадланың!
2 Қуўанышлы түрде Оған хызмет қылың, Бәлент даўыста шадланып, Оның дәргайына барың!
3 Жаратқан Ийе – Қудай екенин тән алыңлар, Ол бизлерди жаратты, бизлер де Оған тийислимиз, Оның халқымыз, бағып атырған қойларымыз.
4 Дәрўазаларына мақтаўлар менен, Ҳәўлилерине алғыс пенен кириң! Оны тәрийиплеп, атын алғыслаң!
5 Жаратқан Ийе ийгиликли, Сүйиспеншилиги даўам етер мәңги, Садықлығы әўладтан-әўладқа даўам етеди.