Шыгыу 10 bob

Сегизинши жаза: шегирткелер (1-20). Тоғызыншы жаза: қара түнек (21-29)

 
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға бар. Олардың арасында кәраматлы белгилеримди көрсетиў ушын, Мен фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң жүрегин қатал қылып қойдым.
2 Ал сизлер болса, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алыўыңыз ушын, мысырлыларды қалай масқара еткеним ҳәм олардың арасында көрсеткен кәраматларым ҳаққында балаларыңа ҳәм балаларыңның балаларына айтып бериң.
3 Муўса менен Харон фараонға барып, оған былай деди: – Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Қашанға дейин Маған бас иймейжақсаң? Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер.
4 Халқымды жибериўден бас тартсаң, ертең елиңе шегирткелерди жиберемен.
5 Олардың жер бетин қаплайтуғыны соншелли, жер бети көринбей қалады. Олар буршақтан аман қалған өнимлериңизди ҳәм даладағы барлық тереклериңиздиң қалған жапырақларын жеп қояды.
6 Сениң үйлериң, барлық хызметкерлериңниң ҳәм пүткил мысырлылардың үйлери шегирткеге толып кетеди. Ата-бабаларың усы жерге қоныс басқан күннен бүгинге дейин, ҳеш қашан бундай нәрсени көрген емес». Кейин Муўса бурылып, фараонның қасынан шығып кетти.
7 Сонда хызметкерлери фараонға: – Бул адам қашанға дейин бизлерди қыйнайды? Оларды жибериң. Барып, Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынсын. Мысырдың набыт болып атырғанын еле түсинбей атырсыз ба? – деди.
8 Солай етип, олар Муўса менен Харонды фараонның алдына және шақыртып алды. Фараон оларға: – Барыңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бирақ, кимлер баражақ? – деди.
9 Муўса оған: – Бизлер жас ҳәм ғаррымыз, улларымыз, қызларымыз, майда ҳәм ири малларымыз, ҳәммемиз бирге кетемиз. Өйткени Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыўымыз керек, – деди.
10 Фараон оларға: – Аўа, сизлерге Жаратқан Ийе яр болсын деп, бала-шағаларыңыз бенен бирге жиберейин бе? Әне, нийетиңиз қара екени көринип тур!
11 Бул болмайды. Тек ер адамлар кетип, Жаратқан Ийеге сыйынсын. Сизлердиң сорағаныңыз да сол емес пе? – деди. Соң Муўса менен Харон фараонның алдынан қуўып шығарылды.
12 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды Мысыр елине қарай соз. Елди шегиртке қапласын ҳәм буршақтан аман қалған барлық өсимликлерди жеп қойсын, – деди.
13 Солай етип, Муўса таяғын Мысыр елине қарай созды. Жаратқан Ийе сол күни күндиз-түни удайына елде шығыс самалын естирди. Азан болғанда, шығыс самалы шегирткелерди алып келди.
14 Шегирткелер Мысырға ҳүжим жасап, оның ҳәмме жерин жайлап кетти. Олардың көп болғаны соншелли, бундай есап-сансыз шегиртке бурын болмаған да, буннан былай болмайды да.
15 Шегирткелер жер бетин басып кеткенликтен, жер қап-қара болып қалды. Олар барлық өсимликлерди, буршақтан аман қалған тереклердеги мийўелердиң ҳәммесин жеп қойды. Мысырдың ҳеш бир жеринде, я тереклерде болып, я даладағы өсимликлерде болып, жасыл жапырақ қалмады.
16 Фараон тезлик пенен Муўса менен Харонды шақыртты да, оларға былай деди: – Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм сизлерге қарсы гүна иследим.
17 Өтинемен, және бир мәртебе гүнамды кеширип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Ол мени бул өлим әкелетуғын апаттан қутқарсын.
18 Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти.
19 Сонда Жаратқан Ийе самалдың бағытын өзгертип, батыс жақтан күшли самал естирди. Самал шегирткелерди көтерип апарып, Қамыс теңизине* төкти. Пүткил Мысыр елинде бирде бир шегиртке қалмады.
20 Деген менен, Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал етип қойғанлықтан, ол израиллыларды жибермеди.
21 Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды аспанға қарай соз, Мысыр елин тас түнек қараңғылық қаплайды, – деди.
22 Муўса қолын аспанға қарай созғанда, Мысырды үш күн бойы қойыў қараңғылық қаплады.
23 Үш күн даўамында адамлар бир- биреўин көре алмай қалып, ҳеш ким орнынан қозғала алмады. Бирақ израиллылар жасаған жер ғана жақты болды.
24 Сонда фараон Муўсаны шақыртып алып, оған: – Барыңлар, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бала-шағаңыз сизлер менен кете берсин. Тек майда ҳәм ири малларыңыз қалсын, – деди.
25 Деген менен, Муўса оған былай деди: – Болмайды! Малларымызды да алып кетиўимизге рухсат бериўиңиз керек. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар беремиз.
26 Малларымызды да бирге алып кетемиз. Бул жерде бирде бир туяқ қалмаўы тийис. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге сыйыныўымыз ушын, шалынатуғын малды олардың ишинен аламыз. Ол жерге барғанымызша, Жаратқан Ийеге қайсы малларды бериўимиз кереклигин билмеймиз.
27 Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды жибергиси келмеди.
28 Фараон Муўсаға: – Қараңды батыр. Енди қайтып көзиме көринбе. Көзиме көринген күни- ақ, өлесең, – деди.
29 Муўса оған: – Айтқаныңыздай болсын. Енди қайтып, көзиңизге көринбеймен, – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.