Ийшая 19 bob
1 Мысыр туўралы пайғамбаршылық сөз: Мине, Жаратқан Ийе ушқыр бултқа минип алып, Мысырға келеди. Оның алдында Мысыр бутлары титирейди, Мысырлылардың руўхлары түсип кетеди.
2 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен мысырлыны мысырлыға қарсы көтеремен, Туўысқан туўысқанға, қоңсы қоңсыға, қала қалаға, Патшалық патшалыққа қарсы урысады.
3 Мысырлылардың руўхы түседи, Нийетлерин пушқа шығараман. Олар бутларынан, өли руўхларынан, Әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан мәсләҳәт сорайды.
4 Мен мысырлыларды залым хожайынлардың қолына беремен, Олардың үстинен реҳимсиз патша ҳүким сүреди». Буны Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады.
5 Нилдиң суўы қурып, Тармақлары тартылып, қурғап қалар.
6 Оның каналлары патасланар. Мысырдағы Нилдиң тармақлары қурып, кеўип қалар, Жекенлер ҳәм қамыслар ширип кетер.
7 Нилдиң жағасындағы басқа өсимликлер, Нил дөгерегиндеги атызлардағы егинлер қуўрап, Самал менен ушып, жоқ болар.
8 Балықшылар дад салып, зар жылар, Нилге қармақ салып, күн көрип отырғанлар, Суўға аў таслағанлар түскинликке түсер.
9 Зығырдың қабығына ислеў бериўшилер, Жақсы зығыр таўар тоқыўшылар уятқа қалар.
10 Кийим тоқыўшылар қайғыға батып, Жалланба жумысшылар түскинликке түсер.
11 Соанның ҳүкимдарлары қандай ақылсыз? Фараонның дана кеңесшилери ақмақ кеңес береди. Сизлер қалайынша фараонға: «Мен данышпанның улыман, Әййемги патшалар нәсилиненмен», – дей аласыз.
12 Ҳәй фараон, қәне сол дана адамларың? Әлемниң Жаратқан Ийеси Мысырға қарсы нени мақсет қылғанын, Олар саған айтып берсин, билдирсин.
13 Соан ҳүкимдарлары ақылдан адасты! Ноф ҳүкимдарлары алданды! Мысырды өз урыў басшылары жолдан адастырды.
14 Жаратқан Ийе оларға ақылынан адастырыў руўхын жиберди, Өз қусығына тайып жығылған мәскүнем қандай болса, Олар да Мысырды ҳәмме исинде адастырды.
15 Бас та, қуйрық та, пальма шақасы да, қамыс та, Мысыр ушын ҳеш нәрсе қыла алмады.
16 Сол күни мысырлылар ҳаял адамға уқсап қалып, Әлемниң Жаратқан Ийеси өзлерине қарсы қол көтермей атырып, қорқып, титиреседи.
17 Яҳуда ели мысырлыларға қәўип туўдырады. Яҳуданың аты аталғанда, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Мысырға қарсы шығарған қарарынан ҳәр бир мысырлы қорқатуғын болады.
18 Сол күни Мысырда бес қала кенаан тилинде сөйлеп, Әлемниң Жаратқан Ийесине садық болыўға ант ишеди. Олардың бири Қуяш қаласы деп аталады.
19 Сол күни Мысырдың ортасына Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурылып, елдиң шегарасына Оған арналған естелик тас қойылады.
20 Бул Әлемниң Жаратқан Ийеси ушын Мысырда бир белги ҳәм гүўалық болады. Олар езиўшилер себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Жаратқан Ийе мысырлыларға қутқарыўшы жиберип, ғамхорлық қылады ҳәм азат етеди.
21 Жаратқан Ийе Өзин мысырлыларға танытады ҳәм сол күни мысырлылар Жаратқан Ийени таныйды. Олар қурбанлықлар ҳәм ғәлле садақалары менен Жаратқан Ийеге сыйынады, Оған ўәделер берип, оларды орынлайды.
22 Жаратқан Ийе Мысырды жазалайды ҳәм жазалағаннан кейин Өзи оларға шыпа береди. Мысырлылар Жаратқан Ийеге жүз бурады, Жаратқан Ийе де олардың жалбарыныўларына қулақ салып, оларға шыпа береди.
23 Сол күни Мысырдан Ассирияға кең жол ашылады. Ассириялылар Мысырға, мысырлылар Ассирияға барады. Мысырлылар ассириялылар менен бирге сыйынады.
24 Сол күни Израил Мысыр менен Ассирия қасындағы үшинши ел болып, олар арқалы дүнья жарылқанады.
25 Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Халқым Мысыр, Өз қолымның иси болған Ассирия ҳәм мийрасым Израил жарылқансын», – деп оларға ақ пәтиясын береди.



































