Ийшая 31 bob
1 Жәрдем сорап Мысырға кеткенлер, Атларға исенгенлер, Көп болғаны ушын саўаш арбаларына, Жүдә күшли болғаны ушын шабандозларға, Үмит байлағанлар, ҳәсирет шегеди! Олар Израилдың Мухаддесине жүз бурмады, Жаратқан Ийеден кеңес сорамады.
2 Бирақ Жаратқан Ийе де дана. Ол бахытсызлық жаўдырар, Өз сөзин қайтарып алмас. Жаўызлық ислеўшилердиң үйине қарсы көтерилип, Қылмыскерлерге жәрдем бериўшилерге қарсы шығар.
3 Мысырлылар – Қудай емес, адам, Олардың атлары – руўх емес, денеден ибарат. Жаратқан Ийе қолын созса, жәрдем бериўши сүрнигип, Жәрдем алыўшы қулап, екеўи де набыт болады.
4 Себеби Жаратқан Ийе маған былай деди: «Арысланға, аўлаған аўының басында ырылдаған жас арысланға, Бир топар шопан қарсы шықса да, Арыслан олардың бақырғанынан қорқпайды, Шуўласқанынан сескенбейди. Әлемниң Жаратқан Ийеси де урысыў ушын, Сион таўына ҳәм оның төбелерине түсип келеди.
5 Қуслардың қанат жайып, Өз палапанларын қорғағаны сыяқлы, Әлемниң Жаратқан Ийеси де, Ерусалимди қорғайды. Ол оны қорғайды, қутқарады, Реҳим етип, азат қылады».
6 Ҳәй израиллылар, өзлериңиз өжетленип бас тартқан, Жаратқан Ийеге қайтыңлар.
7 Себеби сол күни ҳәр бириңиз, Гүнаға батып, өз қолларыңыз бенен ислеген, Гүмис ҳәм алтын бутларыңыздан жүз бурасыз.
8 «Ассириялылар адамдики болмаған қылыштан қулайды, Адамзаттики болмаған қылыштан өледи. Олар қылыштан қашады, Жас жигитлери қул болады.
9 Қорқыўдан жығылар олардың жартасы, Сәркәрдалары байрақты көрип, титиресер». Оты Сионда, Ошағы Ерусалимде болған Жаратқан Ийе усылай дейди.



































