Ийшая 2 bob

Жаратқан Ийениң күни (6-22).

1 Амос улы Ийшаяға Яҳуда ҳәм Ерусалим ҳаққында аян арқалы билдирилген сөз мынаў:
2 Ақырғы күнлерде Жаратқан Ийениң Ибадатханасы турған таў, Таўлардың ең баслысы, Төбелердиң ең бийиги болады, Пүткил миллетлер оған қарай ағылады.
3 Көплеген халықлар келип, былай дейди: «Жүриңлер, Жаратқан Ийениң таўына, Яқыптың Қудайының Ибадатханасына көтерилейик. Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин, Бизлер де Оның соқпақларынан жүрейик». Өйткени Нызам Сионнан, Жаратқан Ийениң сөзи Ерусалимнен шығады.
4 Жаратқан Ийе миллетлер арасында қазылық етип, Көплеген халықлардың арызын шешер. Енди олар қылышларынан пазна, Найзаларынан орақ соғар. Миллет миллетке қарсы қылыш көтермес, Артық урысыўды да үйренбес.
5 Яқыптың урпақлары, Келиң, Жаратқан Ийениң нурында жүрейик!
6 Сен Өз халқыңды, Яқыптың урпақларын тәрк еттиң, Өйткени олардың иши шығыстың үрп-әдетлерине толы. Олар филистлер киби пал ашады, Жат еллилер менен қол қысысады.
7 Жери болса, гүмис ҳәм алтынға толы, Ғәзийнесиниң есап-саны жоқ. Ели атларға толы, Арбаларының есап-саны жоқ.
8 Олардың жери бутларға толы, Олар өз қолларының исине, Бармақлары менен соққан нәрсеге тәжим етеди.
9 Инсан аяқ-асты болды, Ҳәр бири диз шөкти, Қудай, оларды кеширме!
10 Жаратқан Ийениң қорқынышлы қәҳәринен, Оның салтанатының уллылығынан, Жартасларға кирип алың, Топырақ астына жасырының.
11 Адамның менмен нәзери төмен қаратылып, Тәкаббирлиги жерге урылады. Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
12 Әлемниң Жаратқан Ийесиниң бир күни бар, Сол күни Ол барлық менменлерге, тәкаббирлерге ҳәм барлық мақтаншақларға қарсы шығып, Оларды жерге урады.
13 Лебанонның барлық бийик ҳәм асқынлаған кедр ағашларына, Башанның барлық еменлерине,
14 Барлық бийик таўларға, Барлық бәлент төбешиклерге,
15 Ҳәр бир бийик минараға, Ҳәр бир беккем дийўалға,
16 Барлық үлкен саўда кемелерине, Олар ҳәўес қылған барлық әжайыбатларға қарсы турылады.
17 Адамзат менменлиги қулатылып, Инсан мақтанышы жерге урылады. Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
18 Бутлар биротала жоқ болады.
19 Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда, Оның қорқынышлы қәҳәринен, Салтанатының уллылығынан, Адамлар жартаслардың жарықларына, Жердиң тесиклерине кирип кетеди.
20 Сол күни адамлар өзлериниң сыйыныў ушын ислеген, Гүмис ҳәм алтын бутларын, Гөр тышқан ҳәм жарғанатларға таслайды.
21 Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда, Оның қорқынышлы қәҳәринен, Салтанатының уллылығынан қашып, Жартаслардың жарықларына, Таўлардың тесиклерине кириў ушын солай ислейди.
22 Деми мурнында болған адамзаттан үмит етиўди тоқтатың! Ол ким болыпты?


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.