Ийшая 41 bob

Қудай Израилға күш береди (1-20), Жаратқан Ийе бутларға қарсы (21-29).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, атаўлар, Мениң алдымда үндемей тыңлаң! Халықлар күш топлап алсын, Олар жақын келип, сөйлесин. Келиңлер, ҳүким ушын бир жерге жыйналайық.
2 Шығыстан азат етиўшини ҳәрекетке келтирген ким? Оны Өзине хызметке шақырған ким? Миллетлерди оның қолына берген, Патшаларды аяқ асты қылған ким? Ол қылышы менен оларды шаңға, Оқ жайы менен суўырылған қаўыққа айландырды.
3 Ол оларды қуўдалайды, Аяқ басылмаған жолдан аман-есен жүрип өтеди.
4 Буларды орынлап, жүзеге асыратуғын ким? Әўел бастан әўладларды шақырған ким? Мен – Жаратқан Ийе, басыман, Ақырында да Мен боламан.
5 Атаўлар буны көрип, қорқады, Жердиң төрт тәрепи қалтырайды. Олар жақынлап келеди.
6 Ҳәмме бир-бирине жәрдем берип: „Мәрт бол“, – дейди.
7 Өнермент зергерге, Урып тегислеўши төс урыўшыға кепсери туўралы: „Жақсы қурастырылды“, – деп жигер береди. Кейин орнынан қозғалмаўы ушын бутты шегелейди.
8 Бирақ сен, ҳәй, қулым Израил, Мен таңлаған Яқып, Достым Ибрайымның урпағы!
9 Сени дүньяның төрт тәрепинен жыйнадым, Узақ жерлерден шақырып: „Сен Мениң қулымсаң, Сени таңладым, тәрк етпедим“, – дедим.
10 Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Қәўетерленбе, Мен сениң Қудайыңман. Саған күш берип, жәрдемлесемен. Азат етиўши оң қолым менен сүйеймен.
11 Саған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси, Масқара болып, уятқа қалар, Саған қарсы шыққанлар дымы қалмай жоқ болар.
12 Душпанларыңды излесең де таппассаң, Сениң менен урысқанлар да ҳеш болмағандай жоқ болып кетер.
13 Мен, Қудайың Жаратқан Ийе, Оң қолыңнан услап, сүйеп: „Қорқпа, саған жәрдем беремен“, – деймен.
14 „Ҳәй, қурт сыяқлы болған Яқып, Ҳәй, аз санлы Израил, қорқпаң! Мен саған жәрдем беремен“, – дейди Жаратқан Ийе, Сениң Әменгериң, Израилдың Мухаддеси.
15 Мине, Мен сени таза, өткир тисли, Түйек айдайтуғын тахта қыламан. Сен таўларды бастырып, талқанлап, Төбешиклерди қаўыққа айландырасаң.
16 Сен оларды суўырасаң, Самал ушырып, алып кетер, Дүбелей айландырып, ушырып кетер. Сен Жаратқан Ийеде шадланарсаң, Израилдың Мухаддеси менен мақтанарсаң.
17 Жарлы ҳәм кәмбағал суў излейди, Бирақ суў жоқ. Шөлден таңлайлары кеўип қалады. Мен Жаратқан Ийе оларға жуўап беремен, Мен, Израилдың Қудайы оларды таслап қоймайман.
18 Мен тақыр төбешиклерден дәрьялар, Ойпатлықлардың ортасынан булақлар ағызаман. Шөлди көлге, қурғақ даланы суўлы булақларға айландыраман.
19 Шөлге кедр, акация, мирта путаларын ҳәм зәйтүн ағашларын, Қуў далаға сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашларын бирге отырғызаман.
20 Сонда адамлар буны Жаратқан Ийениң ислегенин, Израилдың Мухаддесиниң жаратқанын, Көреди, биледи, ақыл жуўыртып, түсинеди».
21 «Даўаңызды айтың», – дейди Жаратқан Ийе, «Дәлиллериңизди келтириң», – дейди Яқыптың патшасы.
22 «Бутларыңызды алып келиң, Олар не болатуғынын айтып берсин. Ойланып, ақыбетин түсиниўимиз ушын, Өтмиште болғанлардың мәнисин аян етсин, Ямаса келешекте болатуғынларды бизге билдирсин.
23 Сизлердиң қудай екениңизди билиўимиз ушын, Буннан кейин не болатуғынын билдириң. Көрип, ҳайран қалыўымыз ушын, Жақсы яки жаман бир нәрсе қылың.
24 Сизлер де, ислериңиз де ҳеш нәрсе емес. Сизлерди таңлағанлар жеркенишли.
25 Мен арқадан биреўди ҳәрекетке келтирдим, ол киятыр. Мениң атымды шақырған шығыстан киятыр. Ол гүлалшының ылайды басқылағаны сыяқлы, Ҳүкимдарларды ылайдай қылып басқылайды.
26 Билиўимиз ушын, ким буны әўел бастан жәрия етти? „Ҳақсыз“ деп айтыўымыз ушын, ким алдын ала хабар берди? Ҳеш ким хабар бермеди, ҳеш ким жәрия етпеди, Ҳеш ким сөзлериңди еситпеди.
27 Мен биринши болып Сионға: „Олар киятыр“, – деп билдирдим, Ерусалимге хабаршы жибердим.
28 Көз салып қарасам, арасында кеңес беретуғын да, Мен сорағанда, жуўап беретуғын да бирде биреўи жоқ.
29 Мине, олардың ҳәммеси жалған! Ислери ҳеш нәрсеге турғысыз, Мүсинлери самал ҳәм бослықтан ибарат».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.