Езекиел 21 bob

Жаратқан Ийениң қылышы (1-32).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, жүзиңди Ерусалимге қаратып, мухаддес орынларына қарсы ўаз айт. Израил жерине қарсы пайғамбаршылық қылып,
3 оған айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған қарсыман, қылышымды қынынан шығарып, сендеги жақсыны да, жаманды да қырып таслайман.
4 Жақсыны да, жаманды да, қубладан арқаға шекемги барлық тири жанды қырып таслаў ушын қылышымды қынынан шығардым.
5 Сонда пүткил адамзат қылышын қынынан шығарған бул Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Енди қылышымды қынына салмайман».
6 – Сен, инсан улы, зар еңире, олардың көзиниң алдында белиң қайысып, жүрегиң езилип, нала шек.
7 Сеннен: «Неге нала шегип атырсаң?» – деп сораса, оларға: «Келген жаман хабар себепли қайғыға батып атырман», – деп жуўап бер. Ол жүзеге асқанда, ҳәммениң жүреги езиледи, қолларында мәдет қалмайды, руўхы түседи, дизелериниң мәдары қурыйды. Бул келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе.
8 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9 – Инсан улы, пайғамбаршылық ет ҳәм Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш, қылыш! Ол шарланды ҳәм жылтыратылды!
10 Баўызлаў ушын шарланды, Шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды. Қалай қуўанайық, ҳәй улымның ҳаса таяғы, Қылыш ҳәр қандай ағашты писент етпейди.
11 Қылыш қолға усланыў ушын жылтыратыўға берилди, Қанхордың қолына берилиў ушын, Шарланды, жылтыратылды.
12 Инсан улы, дад салып, пәрияд қыл, Қылыш Мениң халқыма, Израилдың барлық ҳүкимдарларына жүзленген. Мениң халқым менен бирге, Израил ҳүкимдарлары да қылыштан өткериледи. Енди саныңа урып, жыла.
13 Сынаў ўақты сөзсиз келеди. Қылыш ҳаса таяқты менсинбесе, не болады? Ҳаса таяқтың күни питеди, – дейди Қудай Ийе».
14 – Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл, Ашыў менен алақаныңды алақаныңа ур. Қылыш еки рет, үш рет шапсын. Бул қылыш өлтириў ушын, Уллы қырғын ушын арналған. Қылыш оларды ҳәр тәрептен қысып келмекте.
15 Руўхлары түссин, Қаза тапқанлар көбейсин деп, Мен барлық дәрўазалардың алдына, Қорқынышлы қылышымды қойдым. О-ҳо, қылыш шақмақ киби жалтылдады, Қырыў ушын қынынан шығарылды.
16 Оңға ур, шепке шап, Жүзиңниң қараған жағына ур.
17 Мен де алақанымды алақаныма ураман, Ғәзебимди усылай басаман. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
18 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
19 – Инсан улы, Бабилония патшасының қылышы келетуғын еки жолды белгиле, екеўи де бир жерден шықсын. Қала жолының басланған жерине бир белги қой.
20 Аммонлардың Рабба қаласына ҳәм Яҳудадағы қоршаўлы қала Ерусалимге кириўи ушын жол белгиле.
21 Себеби Бабилония патшасы жолдың екиге айырылған жеринде турып, пал ашады. Ол оқларды силкитеди, бут мүсинлеринен сорайды, қурбанлық қылынған маллардың баўырына қарап жорыйды.
22 Оның оң қолында Ерусалимди көрсетип турған пал бар. Ол жерге дийўалларды тесетуғын қураллар орнатыў, өлим буйрығын бериў, урыс сүренин салыў, дәрўазаны бузатуғын қуралларды қойыў, дийўалға қыялатып топырақ үйиў, қамал минараларын қурыў кереги айтылады.
23 Бабилония патшасына ант ишип, келисим дүзген Ерусалим халқының нәзеринде бул пал өтирик болып түйиледи. Бирақ Бабилония патшасы олардың айыбын еслетип, оларды қолға алмақшы болады.
24 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Сизлер ашық жынаят қылып, қылмысларыңызды еслеттиңиз. Қылған ҳәр бир исиңизде гүналарыңызды әшкара қылып, өзлериңиз буны еске салдыңыз. Соның ушын сизлер қолға түсесиз.
25 Сен, Израилдың напәк, жаўыз ҳүкимдары, соңғы күниң жақынласты, ақырғы жаза күниң жетип келди!
26 Қудай Ийе былай дейди: Сәллеңди шеш, тажыңды алып тасла. Енди бул булай болмайды. Хорланған адам жоқарылайды, жоқарыдағы адам хорланады.
27 Қырғын! Қырғын! Қалаға қырғын тийгиземен! Бирақ бул узақ даўам етпейди. Ҳүким шығарыўшы келеди. Оған ҳүким етиўди тапсыраман».
28 – Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қылып, Израилды мазақ қылған аммон халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш! Қылыш! Баўызлаў ушын қыннан шығарылды, Жутыў ҳәм шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды.
29 Аммон халқының қылыш туўралы көрген аянлары жалған, Аштырған паллары өтирик. Қылыш напәк жаўызлардың мойнын шабады. Олардың соңғы күни келди, Ақырғы жаза ўақты жетти.
30 Қылышты қынына сал! Жаратылған жериңде, Туўылған мәканыңда, Мен саған ҳүким шығараман.
31 Үстиңе қәҳәримди төгип, Ғәзеп отымды үплеймен. Сени өлтириўге шебер, Жаўыз адамлардың қолына беремен.
32 Сен отқа жем боласаң, Қаның жерге төгиледи. Сен ҳеш қашан еске алынбайсаң. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.