Езекиел 35 bob

Эдомға қарсы пайғамбаршылық (1-15).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, жүзиңди таўлы Сеир жери қаратып, оған қарсы пайғамбаршылық қылып,
3 оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, таўлы Сеир жери, Мен саған қарсыман. Қолымды көтерип, сени кимсесиз ўайранагершиликке айландыраман.
4 Қалаларыңды қарабақанаға айландырып, адамсыз қалдыраман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
5 Әзелден душпаншылығың болғанлықтан, Израил апатқа ушырап, соңғы жазасын тартып атырғанда, оларды қылыштың еркине тапсырдың.
6 Сол қылғанларың ушын, тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – сени қанға былғайман, қан изиңнен қалмайды. Қан төгиўден тиксинбегениң ушын, қан да сениң изиңнен қалмайды.
7 Таўлы Сеир жери, сени адамсыз шөлге айландыраман. Саған келип-кетиўшилерди жоқ қыламан.
8 Өзиңди өли денеге толтыраман. Төбешиклериңде, ойпатлықларыңда ҳәм барлық сайларыңда қылыштан қаза тапқанлар қулап жатады.
9 Сени мәңгиге қаңыратып, бос қалдыраман. Қалаларыңда адам жасамайтуғын болады. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
10 Мен, Жаратқан Ийе сол жерде болғаныма қарамастан, сен: „Бул еки халық ҳәм олардың жерлери бизики болады, оларды ийелеп аламыз“, – дегениң ушын,
11 тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – халқымды жек көрип, ашыў ҳәм қызғаншақлық пенен оларға не қылған болсаң, Мен де саған соны ислеймен. Саған қазылық қылғанымда, оларға Өзимди аян етемен.
12 Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң. Мен сениң Израил таўларына: „Қаңырап бос қалды, олар бизге жем қылып берилди!“ – деп масқаралап айтқан барлық сөзлериңди еситтим.
13 Сен көз алдымда мақтанып, Маған қарсы гәпти көбейттиң. Мен буларды еситтим.
14 Қудай Ийе былай дейди: Пүткил жер бети қуўанышқа бөленип атырғанда, мен сени қаңыратып, қуў далаға айландыраман.
15 Израил халқының мийрас жери босап қалғанда қалай қуўанған болсаң, сол исти сениң де басыңа саламан. Таўлы Сеир жери ҳәм пүткил Эдом биргеликте қуў далаға айланасыз. Сонда ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.