Амос 3 bob

Пайғамбардың ўазыйпасы (3-8), Самарияның ҳүким етилиўи (9-15).

1 Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сөзлерине қулақ салың. Ол сизлерге, Мысырдан Өзи алып шыққан барлық урыўыңызға қарсы былай дейди:
2 «Жер жүзиндеги барлық халықлар арасынан, Тек ғана сизлерди таңлап алдым, Сонлықтан сизлерди ҳәмме жынаятларыңыз ушын жазалайман».
3 Өз ара келисип алмай турып, еки адам бирге жолға шыға ма?
4 Олжасы болмаса, тоғайда арыслан ақыра ма? Услаған ҳеш нәрсеси болмаса, жас арыслан ининен даўыс шығара ма?
5 Жердеги дузаққа жем қойылмаса, Дузаққа қус түсе ме? Дузаққа ҳеш нәрсе түспесе, Дузақтың жиби тартыла ма?
6 Қалада қәўипли жағдай себепли кәрнай шалынса, Халықты қорқыныш баспай ма? Жаратқан Ийе жибермесе, Қалаға апат келе ме?
7 Шынында, қулы пайғамбарларға Өз жобасын ашпай турып, Қудай Ийе ҳеш нәрсе қылмайды.
8 Арыслан ақырғанда, ким қорқпайды? Қудай Ийе сөйлегенде, Ким пайғамбаршылық қылмайды?
9 Ашдод сарайларында жәриялаң, Мысыр сарайларында да былай деп жәриялаң: «Самария таўларында жыйналың, Қаланың ишиндеги уллы тәртипсизликлерди, Ондағы езиўшиликлерди көриң».
10 Жаратқан Ийе былай дейди: «Олар әдалатлықты қалай ислеўди билмейди, Қорған қалаларында зулымлық ҳәм зорлық жыйнайды».
11 Соның ушын, Қудай Ийе былай дейди: «Душпан қоршап алмақта жериңди, Күш-қуўаттан айырып Сени, Қорған қалаларыңды талан-тараж қылады».
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Бир шопан арысланның аўзынан қойдың еки туяғын, Ямаса қулағының бир бөлегин алып қалғанындай, Самарияда жасап атырған израиллылар да, Төсегиниң бир шети ҳәм жуқа көрпеси менен ғана аман қалады.
13 Қулақ салың ҳәм Яқыптың урпақларын ескертиң!» Қудай Ийе, Әлемниң Қудайы былай дейди:
14 «Жынаятлары себепли Мен Израилды жазалаған күни, Бейт-Элдиң қурбанлық орынларын жоқ қыламан, Кесилип жерге түседи қурбанлық орынның шақлары.
15 Қысқы ҳәм жазғы сарайларды бузып таслайман, Пил сүйеги менен безелген сарайлар ўайран қылынады, Көп үйлер жоқ болады». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.