Амос 6 bob

Израилдың жазаланыўы (1-14).

1 Ҳәсирет шегесизлер, Сионда бийғам жасап атырғанлар, Самария таўында өзлерин аманлық ишиндемиз, деп есаплағанлар! Миллетлердиң абырайлы адамлары болып саналатуғынлар, Израил халқы сизлерге арқа сүйеп келеди.
2 Калне қаласына барың ҳәм көриң, Ол жерден уллы Хаматқа өтиң, Кейин филистлердиң Гат қаласына қарай түсиң. Сизлердиң еки патшалығыңыздың олардикинен артықмашылығы бар ма? Олардың жерлери сизлердикинен үлкен бе еди?
3 Апат күнин узақ санап, Жаўызлықты жақынластырып атырғанлар,
4 Пил сүйегинен соғылған кәтте жатқанлар, Төсеклеринде созылып жамбаслағанлар, Сүриўлердиң ишинен қозыларды, Жайлаўдағы семиз таналарды жегенлер!
5 Өзлериңизше Даўытқа уқсап қосықлар шығарып, Арфа сазы астында қосықлар айтқанлар!
6 Үлкен кеселер менен шарап ишип, Майдың ең жақсысын үстине сүрткенлер, Юсуптиң халқының қулаўына немқурайды қарағанлар!
7 Сизлер биринши болып сүргинге әкетилесиз, Жамбаслап өткизетуғын зыяпатларыңыз таўысылады.
8 Қудай Ийе Өз аты менен ант ишеди, Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе былай дейди: «Яқыптың менменлигинен жеркенемен, Оның қорған қалаларын жек көремен. Қаланы ҳәм ишиндегилердиң ҳәммесин, Душпанға тәслим қыламан».
9 Егер бир үйде он адам қалса, Олар да өледи.
10 Марҳумның жақын ағайини жерлеў ушын өлини алыўға келгенде, Үйдиң ишиндеги адамнан: «Қасыңда және биреў бар ма?» – деп сорайды, Ол: «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап береди. Кейин ағайини: «Тыныш, Жаратқан Ийениң атын тилге алмайық!» – дейди.
11 Мине, Жаратқан Ийе буйрық берип атыр, Үлкен үйлер бузып тасланады, Кишкене үйлер жер менен жексен болады.
12 Атлар жартас үстинде шаба ала ма? Ким өгизди жегип, теңизди сүре алады? Бирақ сизлер әдалатты зәҳәрге, Ҳақлық мийўесин ашшы жуўсанға айландырдыңыз.
13 Ло-Дебар қаласын қолға киргиздик, деп қуўанғанлар: «Қарнайым қаласын өз күшимиз бенен басып алдық», – дейсиз.
14 Бирақ Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, соның ушын, ҳәй Израил халқы, Сизлерге қарсы бир халықты жиберемен, Олар Лебо-Хаматтан Араба ойпатлығына дейин сизлерди езеди».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.