Амос 7 bob
1 Қудай Ийе маған мынаны көрсетти: патшаға тийисли өт шөп жыйнап алынғаннан соң, жаңадан шөплер шыға баслағанда, Жаратқан Ийе шегиртке үйирин пайда қылды.
2 Шегирткелер елдеги барлық жасыл шөплерди жеп таўысқанда, мен: – Қудай Ийе, өтинемен кешир! Яқып буннан қалай аман қалады? Ол жүдә ҳәлсиз халық! – дедим.
3 Жаратқан Ийе Өз ырайынан қайтты. – Булай болмайды, – деди Ол.
4 Қудай Ийе және маған мынаны көрсетти: Қудай Ийе от жаўдырды, от терең суўларды жалмап таслады ҳәм жерди жандыра баслады.
5 Сонда мен: – Қудай Ийе, өтинемен, тоқтат! Яқып буннан қалай аман қалады? Ол жүдә ҳәлсиз халық! – дедим.
6 Жаратқан Ийе Өз ырайынан қайтты. – Булай болмайды, – деди.
7 Басқа аянда маған мынаны көрсетти: Ийе бир өлшеў жибин услап, өрилген тик дийўалдың қасында турды.
8 Жаратқан Ийе: – Не көрип турсаң, Амос? – деп сорады. Мен: – Бир өлшеў жибин, – дедим. Ийе былай деди: – Мине, халқым Израилдың ортасына да бир өлшеў жибин қояман. Енди артық оларды кеширмеймен.
9 Ысақ әўладының сыйынатуғын орынлары жоқ болады, Израилдың мухаддес орынлары қыйратылады, Яробам нәсилине қарсы қылыш жалаңашлайман.
10 Бейт-Элдеги руўханий Амасия Израил патшасы Яробамға хабар жиберип, былай деди: «Амос Израил халқының арасында саған қарсы тил бириктирип атыр. Жер оның сөзлерин көтере алмайды.
11 Себеби Амос былай деп атыр: „Яробам қылыш пенен өлтириледи, Израил өз жеринен алысқа, Сөзсиз сүргин етип әкетиледи“».
12 Соннан кейин, Амасия Амосқа: – Ҳәй, ўәлий, бул жерден кетип, Яҳудаға қаш. Наныңды сол жерден таўып, сол жерде пайғамбаршылық ет.
13 Енди артық БейтЭлде пайғамбаршылық қылма. Өйткени бул жер патшаның мухаддес жери, патшалықтың ибадатханасы, – деди.
14 Амос оған былай деп жуўап берди: – Мен пайғамбар да емеспен, пайғамбардың шәкирти де емеспен. Мен мал бағып, жабайы әнжир ағашларын өсиремен.
15 Сүриў бағып жүргенимде, Жаратқан Ийе мени шақырып: «Бар, халқым Израилға пайғамбаршылық қыл», – деди.
16 Енди Жаратқан Ийениң сөзлерине қулақ сал. Сен: «Израилға қарсы пайғамбаршылық қылма, Ысақ әўладына қарсы сөйлеме!» – дейсең.
17 Соның ушын, Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳаялың қалада жезөкше болады, Ул ҳәм қызларың қылыш жүзинен өткизиледи. Жериң өлшенип, басқаларға бөлистирип бериледи, Ал өзиң ҳарам саналған бир журтта өлесең. Израил халқы өз жеринен алысқа, Сөзсиз сүргин етип әкетиледи».