Санлар 12 bob

Мәриям менен Харонның жазаланыўы (1-15).

1 Муўса Хабашстаннан болған ҳаялға үйленгени ушын, Мәриям менен Харон оған қарсы сөйледи.
2 Олар: «Жаратқан Ийе тек ғана Муўса арқалы сөйлеген бе еди? Ол бизлер арқалы да сөйлеген жоқ па еди?» – деди. Жаратқан Ийе олардың бул сөзлерин еситти.
3 Муўса жер жүзинде жасайтуғын барлық адамлардың ишинде ең кишипейил адам еди.
4 Жаратқан Ийе күтилмегенде Муўса, Харон ҳәм Мәриямға: – Үшеўиңиз Ушырасыў шатырына барың, – деди. Үшеўи де шатырға барды.
5 Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде түсип, шатырдың кирер аўзының алдында турды ҳәм Харон менен Мәриямды шақырып алды. Олар екеўи алдыға қарай шыққанда,
6 Жаратқан Ийе оларға былай деди: – Мениң сөзлериме қулақ салың: Егер араңызда бир пайғамбар бар болса, Мен, Жаратқан Ийе Өзимди танытаман оған аян арқалы, Сөйлесемен оның менен түсинде.
7 Бирақ қулым Муўса менен булай сөйлеспеймен, Пүткил үйимдегилерге жуўапкер адам – Муўсадур.
8 Оның менен жумбақлы түрде емес, Ал жүзбе-жүз сөйлесемен ашық түрде. Ол Мениң бийнемди көреди. Сондай болса да, қулым Муўсаға қарсы сөйлеўден қорқпадыңлар ма?
9 Сонда Жаратқан Ийе оларға ғәзеплениўи менен, ол жерден кетти.
10 Булт Мухаддес шатырдан кетиўден-ақ, Мәриям тери кеселлигине шалынып, етлери қар сыяқлы түлеп кетти. Харон Мәриямға бурылып қарағанда, оның тери кеселлигине шалынғанын көрди.
11 Харон Муўсаға: – Оҳ, мырзам, илтимас ақылсызлық қылып, ислеген гүнамыз ушын жазалама.
12 Мәриям анасының қарнында-ақ денеси ширип баслаған өли нәрестеге уқсап қалмасын, – деди.
13 Муўса Жаратқан Ийеге: – Оҳ, Қудай, Мәриямға шыпа бер! – деп жалбарынды.
14 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Егер оның әкеси жүзине түкиргенде, ол жети күн даўамында шерменде болып қалмас па еди? Оны жети күн даўамында бөлеклеп, ордадан шығарып жибериң, соннан кейин изине қайтыўына болады, – деп жуўап берди.
15 Солай етип, Мәриям жети күн даўамында бөлекленип, ордадан шығарып жиберилди, ол қайтып келгенше, халық жолға шықпады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.