Санлар 15 bob

Қурбанлықларға байланыслы нызамлар (1-21). Гүна ушын қурбанлық (22-31). Шаббат күнине әмел қылмаған адам өлтириледи (32-36). Шашақлар туўрысында қағыйда (37-41).

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Мәкан етиўиңиз ушын сизлерге беретуғын елге киргениңизде,
3 жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық, ықтыярлы қурбанлық ямаса байрамларда усынылатуғын қурбанлық етип ири ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге усыныңлар. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
4 Қурбанлық усынатуғын адам Жаратқан Ийеге ғәлле садақасы ушын төрттен бир ҳин зәйтүн майы менен араластырылған оннан бир эфа сапалы ун да алып келсин.
5 Және де, жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық пенен бирге ҳәр бир тоқлыға ишимлик садақасы етип төрттен бир ҳин шарап та усыныўы тийис.
6 Егер қошқарды қурбанлық етип берсеңиз, ғәлле садақасы ушын үштен бир ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун
7 ҳәм ишимлик садақасы ушын үштен бир ҳин шарап усының. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
8 Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығы ушын бир буға алып келгениңизде,
9 буға менен бирге ғәлле садақасы ушын ярым ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун усының.
10 Соның менен бирге, ишимлик садақасы ушын ярым ҳин шарап усының. Бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
11 Солай етип буға, қошқар, ылақ ямаса тоқлы қурбанлық қылынғанда, усы садақалар менен қоса усынылсын.
12 Қанша ҳайўан қурбанлық қылмақшы болсаңыз да, олардың ҳәр бири ушын белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын қосып усыныўыңыз тийис.
13 Израиллы болған ҳәр бир адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый етип, қурбанлық алып келгенде, ол усы айтылғанларға әмел қылыўы тийис.
14 Егер сизлердиң араңызда ўақтынша жасап атырған келгинди ямаса узақ ўақыт жасап атырған жат жерли адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, бир қурбанлық алып келсе, ол да усы қағыйдаларға әмел қылыўы тийис.
15 Сизлер ушын да, араңызда жасап атырған келгинди адам ушын да жәмийет анық усы қағыйдаларды қоллансын. Бул келешек әўладларыңыз ушын да мәңги қағыйда болсын. Жаратқан Ийениң алдында сизлер де, сизлердиң араңызда жасап атырған келгинди де бирдей»
16 .
17 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18 – Израил халқына былай деп айт: «Сизлерди алып баратырған елге киргениңизден кейин,
19 сол елдиң нанынан жегениңизде, нанның бир бөлегин ажыратып, Маған усының.
20 Қырманыңыздың биринши өниминен ажыратылған садақа сыяқлы қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған шөректи ажыратып усының.
21 Қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған бул садақаны әўладлар даўамында Жаратқан Ийеге усының».
22 «Егер бириңиз билместен гүна ислеп, Жаратқан Ийениң мен арқалы берген буйрықларының бирине – Жаратқан Ийениң буйрық берген күнинен баслап,
23 әўладлар бойы әмел қылмасаңыз
24 ҳәм жәмийет бул қәтеге билместен жол қойған болса, пүткил жәмийет Жаратқан Ийеге хош ийисли сый усыныў ушын, бир буғаны жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Олар буға менен бирге белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын берсин. Соның менен бирге, гүна қурбанлығы ушын бир теке алып келсин.
25 Солай етип, руўханий пүткил Израил жәмийетиниң гүнасы ушын қун төлеў рәсимин өткереди ҳәм олардың гүнасы кешириледи. Себеби олар билместен гүна ислеген еди ҳәм бул ушын Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық ҳәм гүна қурбанлықларын усынған болады.
26 Пүткил Израил жәмийети де, араңызда жасап атырған келгинди де кешириледи. Өйткени халық билместен усы гүнаны иследи.
27 Егер бир адам билместен гүна ислеп қойса, ол гүна қурбанлығы ушын бир жасар ешки алып келсин.
28 Руўханий Жаратқан Ийениң алдында сол адамның пәклениўи ушын гүнаның қунын төлеў рәсимин өткерсин. Бул рәсим өткерилгенде, сол адамның гүнасы кешириледи.
29 Билместен гүна ислеп қойған израиллы ушын да, араңызда жасап атырған келгинди ушын да усы нызамды қолланыўыңыз тийис.
30 Израиллы ямаса келгинди бир адам билип турып гүна ислесе, Жаратқан Ийеге тил тийгизген болады. Бундай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын.
31 Ол Жаратқан Ийениң сөзлерин писент етпей, буйрықларына қарсы шыққаны ушын, ол адам халқының арасынан сөзсиз жоқ қылынсын. Оның гүнасы өз мойнында қалады».
32 Бир күни израиллылар шөлде жүрген ўақытта бир адам дем алыс күни болған Шаббат күни отын жыйнап жүрген жеринен услап алынды.
33 Отын жыйнап жүрген адамды услап алған адамлар оны Муўса менен Харонның ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына алып келди.
34 Сол адамға қандай шара қолланылыўы кереклиги анық болмағанлықтан, оны қамап қойды.
35 Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Ол адам сөзсиз өлтирилсин. Пүткил жәмийет оны орданың сыртына алып шығып, тас боран қылсын, – деди.
36 Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, жәмийет сол адамды орданың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.
37 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
38 – Израил халқына былай деп айт: «Әўладларыңыз даўамында кийимиңиздиң етеклерине шашақ тиктирип қойың. Ҳәр бир шашаққа қызғыш көк жип қосып исленсин.
39 Усы шашақлар сизлерге Мениң, яғный Жаратқан Ийениң буйрықларын еслетип турады. Солай етип, буларды көргениңизде, буйрықларыма әмел қылып, жүрегиңиздиң ҳәм көзиңиздиң қәлеўлерине ерип кетпей, опасызлық қылмайсызлар.
40 Сонда сизлер пүткил буйрықларымды ядыңызда тутып, Қудайыңыз ушын мухаддес боласызлар.
41 Мен Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16