Санлар 16 bob
1 Лебий урыўының Қоҳат тийресинен болған Исҳар улы Қорах, Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирам ҳәм Пелет улы Он биригип, Муўсаға қарсы көтерилис қылды. Жәмийет сайлаған Израил халқының абырайлы еки жүз елиў басшысы да оларға қосылды
2 .
3 Олар биргеликте Муўса менен Харонның алдына барып: – Сизлер жүдә ҳәддиңизден асып кеттиңиз! Ҳәммемиз Жаратқан Ийениң мухаддес жәмийетиниң ағзалары емеспиз бе? Ол ҳәммемиздиң арамызда жасайды. Солай екен, сизлер не ушын өзлериңизди Жаратқан Ийениң жәмийетинен үстем қоясызлар? – деди.
4 Буны еситкен Муўса Жаратқан Ийениң алдында ет бетинен жерге жығылды.
5 Кейин ол Қорах ҳәм оның шериклерине былай деди: – Азанда Жаратқан Ийе кимди Өзине бағышлап алғанын көрсетеди. Жаратқан Ийе кимди таңлаған болса, сол адамды Өз дәргайына жақынластырады+.
6 Ҳәй, Қорах, сен өз шериклериң менен бирге түтетки түтетилетуғын ыдысларыңызды алың.
7 Ертең Жаратқан Ийениң алдында ыдысларыңызға от салып, үстине түтеткиңизди қойың. Сонда Жаратқан Ийе кимди таңласа, сол адамды Өзине бағышлап алғаны. Ҳәй, лебийлилер, сизлер ҳәддиңизден асып кеттиңиз!
8 Муўса Қорахқа айтып атырған сөзин былай деп даўам етти: – Ҳәй, лебийлилер, маған қулақ салың!
9 Израилдың Қудайы сизлерди Израил халқы арасынан айырып алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырындағы хызметти орынлаўыңыз ушын, Өзине жақынластырды. Және де, жәмийеттиң алдында турып, оларға хызмет етиўиңиз ушын сизлерди таңлап алды, булардың барлығы сизлерге азлық қылды ма?
10 Қорах, Жаратқан Ийе сени ҳәм пүткил лебийли туўысқанларыңды Өзине жақынластырған болса, бул жетпегендей, енди сизлер руўханийликти де қәлеп атырсызлар ма?
11 Ҳәй, Қорах, сениң ҳәм шериклериңниң бундай етип жыйналыўы Харонға емес, ал Жаратқан Ийеге қарсы шығыўыңызды билдиреди.
12 Соннан кейин, Муўса Элиабтың уллары Датан менен Абирамды шақыртты. Бирақ олар: – Бармаймыз.
13 Сен бизлерди шөлде өлтириў ушын сүт ҳәм пал ағып турған елден алып шықтың. Бул жетпегендей, бизлердиң үстимизден бийлик қылмақшысаң ба?
14 Сен бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған елге әкелмедиң, бизлерге мүлик етип атыз ҳәм жүзим бағларын да бермедиң. Бизлердиң көзимизди байламақшымысаң? Яқ, сениң алдыңа бармаймыз, – деди.
15 Муўса қатты ашыўланып, Жаратқан Ийеге: – Олардың садақаларын қабыл етпе. Мен олардан бир ешек те алған жоқпан, олардың ҳеш бирине жаманлық қылған жоқпан, – деди.
16 Кейин Муўса Қорахқа: – Ертең сен барлық шериклериң менен бирге Жаратқан Ийениң алдына кел. Харон да усы жерде болады.
17 Ҳәр бириңиз бир түтетки түтетилетуғын ыдыстан, барлығы болып еки жүз елиў ыдыс алып келип, ишине хош ийисли түтетки салың. Сен де өз ыдысыңды алып кел, Харон да өзиникин алып келеди, – деди.
18 Солай етип, олардың ҳәр бири ишине от ҳәм түтетки салып, өз ыдысларын алып келди. Кейин олар Муўса ҳәм Харон менен бирге Ушырасыў шатырының алдына келип турды.
19 Қорах пүткил жәмийетти Муўса менен Харонның қасына, Ушырасыў шатырының алдына жыйнағанда, Жаратқан Ийениң салтанаты ҳәммеге көринди.
20 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
21 – Мына жәмийеттиң арасынан шетке шығың, Мен оларды көзди ашып- жумғанша жоқ қылып жиберемен.
22 Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылып: – Қудай, пүткил тири жанның Қудайы! Бир адам гүна иследи деп, пүткил жәмийетке ғәзепленесең бе? – деди.
23 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24 – Жәмийетке: «Қорахтың, Датанның ҳәм Абирамның шатырларынан узақласың», – деп айт.
25 Муўса Датан менен Абирамның қасына барды. Израил ақсақаллары да Муўсаның изине ерди.
26 Муўса жәмийетке қарата: – Бул жаман адамлардың шатырларынан узақласың! Олардың ҳеш бир затына қол тийгизбең. Болмаса, олардың гүнасы себепли, сизлер де жоқ боласызлар, – деди.
27 Солай етип, жәмийет Қорах, Датан ҳәм Абирамның шатырларынан узақласып турды. Датан менен Абирам ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге сыртқа шығып, шатырларының алдында турған еди.
28 Сонда Муўса былай деди: – Булардың барлығын ислеўим ушын Жаратқан Ийениң мени жибергенин, мен өзлигимнен бир нәрсе де ислемегенимди мынадан билип аласызлар:
29 егер де бул адамлар өз әжели менен, ҳәмме адамлардың басына түсетуғын өлим менен өлсе, онда билип қойың, Жаратқан Ийе мени жибермеген болады.
30 Бирақ Жаратқан Ийе әдеттен тыс бир нәрсе ислесе, жер жарылып, оларды ҳәм оларға тийисли ҳәр бир затты жутса ҳәм олар өлилер мәканына тирилей кирип кетсе, онда бул адамлардың Жаратқан Ийеге ҳүрметсизлик қылғанын билип аласызлар.
31 Муўса усы сөзлерин айтып болар-болмастан, Датан ҳәм Абирамның аяқ астындағы жер жарылып кетти.
32 Жер жарылып, оларды, олардың шаңарақларын, Қорахтың шериклери менен мал-мүликлерин жутып жиберди.
33 Солай етип, олар бар мал-мүлки менен бирге тирилей өлилер мәканына кирип кетти. Жер жаўылып, олардың үстин қаплап таслады ҳәм олар жәмийеттиң арасынан жоқ қылынды.
34 Олардың бақырысқан даўысларын еситкен әтираптағы израиллылар: «Жер бизлерди де жутып жибермесин!» – деп жән-жаққа қашып кетти.
35 Сол ўақытта Жаратқан Ийениң жиберген оты хош ийисли затларды түтетип турған еки жүз елиў адамды жағып, жоқ қылып жиберди.
36 Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
37 – Харонның улы руўханий Элазарға түтетки түтетилетуғын ыдысларды күлдиң ишинен алып шығыўын ҳәм ишиндеги шоқларды орданың бир шетине төгиўин айт. Себеби түтетки ыдыслар мухаддес.
38 Ислеген гүналары ушын өлтирилген бул адамлардың түтетки ыдысларын шөккишлеп жалпайтың да, қурбанлық орынды усылар менен қаплаң. Ыдыслар Жаратқан Ийеге усынылғаны ушын мухаддес. Булар израиллылар ушын ескертетуғын бир белги болсын.
39 Солай етип, руўханий Элазар жанып өлген адамлардың алып келген түтетки түтетилетуғын қола ыдысларын жыйнап алды. Олар ыдысларды қурбанлық орынды қаплаў ушын шөккишлеп жалпайтып шықты.
40 Бул израиллыларға Харонның әўладынан басқа ҳеш кимниң Жаратқан Ийениң алдына шығып, хош ийисли түтетки түтетиўге болмайтуғынын, болмаса сондай ислеген адам Қорах пенен оның шериклери сыяқлы болатуғынын ескертип туратуғын еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай етип исленди.
41 Ертеңине пүткил Израил жәмийети Муўса менен Харонға наразы болып: «Жаратқан Ийениң халқын сизлер өлтирдиңлер», – деп тоңқылдай баслады.
42 Израил жәмийети Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, Ушырасыў шатырына қарай туўры бурылып қарағанда, шатырды булт қаплады ҳәм Жаратқан Ийениң салтанаты көринди.
43 Сонда Муўса менен Харон Ушырасыў шатырының алдына келди.
44 Жаратқан Ийе Муўсаға:
45 – Бул жәмийеттиң арасынан шетке шығың ҳәм Мен оларды көзди ашып-жумғанша жоқ қылып жиберемен, – деди. Сонда Муўса менен Харон ет бетинен жерге жығылды.
46 Соннан кейин, Муўса Харонға: – Түтетки ыдысын алып, ишине қурбанлық орыннан шоқ сал, оттың үстине хош ийисли түтетки қой. Қунын өтеў ушын дәрҳал жәмийетке бар. Себеби Жаратқан Ийе ғәзебин шашып атыр. Ал халыққа өлтиретуғын оба тарқалып баслады, – деди.
47 Харон Муўсаның айтқанларын орынлап, түтетки ыдысын алды да, жәмийеттиң ортасына жуўырып барды. Халықтың арасында набыт қылатуғын кеселлик басланған еди. Харон хош ийисли түтетки усынып, жәмийеттиң қунын өтеди.
48 Ол тирилер менен өлилердиң арасында турғанда, набыт қылатуғын кеселлик тоқтады.
49 Ал Қорах себепли өлгенлерден тысқары, набыт қылатуғын кеселликтен өлгенлердиң саны он төрт мың жети жүз адам болды.
50 Набыт қылатуғын кеселлик тоқтағаннан кейин, Харон Ушырасыў шатырының алдында турған Муўсаның жанына қайтты.