Санлар 18 bob
1 Жаратқан Ийе Харонға былай деди: – Сен, улларың ҳәм пүткил Лебий урыўы Мухаддес мәканға қарсы исленген гүнаға жуўапкер боласызлар. Ал руўханийлик хызметиңизге байланыслы гүна ушын тек ғана сен ҳәм улларың жуўапкер боласызлар.
2 Сен ҳәм улларың буйрықлар қойылған шатырдың алдында хызмет еткениңизде, бабаңыз Лебийдиң әўладынан болған туўысқанларыңыз да сизлерге жәрдем беретуғын болсын.
3 Олар сениң жуўапкершилигиң астында Мухаддес шатырға тийисли хызметлерди орынласын. Бирақ олар мухаддес жердиң буйымларына ямаса қурбанлық орынға жақынламасын, болмаса олар да, сизлер де өлип қаласызлар.
4 Олар сениң менен бирге Ушырасыў шатырына байланыслы барлық ўазыйпаларды орынласын. Лебийлилерден басқа ҳеш бир адам сизлер менен бирге хызмет қылмасын.
5 Ендигиден былай, Израил халқына қәҳәрленбеўим ушын, Мухаддес жерде ҳәм қурбанлық орында тек ғана сизлер хызмет қыласызлар.
6 Мен израиллылар арасынан лебийли туўысқанларыңызды сизлерге жәрдемши қылып, таңлап алдым. Ушырасыў шатырына байланыслы хызметти орынлаўы ушын, олар Маған бағышланған.
7 Деген менен, қурбанлық орындағы ҳәм пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге байланыслы руўханийлик хызметти тек ғана сен өз улларың менен орынлайсаң. Руўханийлик хызметти саған сый қылып бердим. Сеннен басқа ким де ким ол жерге жақынласа, ол өлтирилсин.
8 Жаратқан Ийе Харон менен болған сәўбетин былай деп даўам етти: – Израил халқының Маған ажыратқан мухаддес сыйларын бақлаўды саған тапсырдым. Буларды сизлердиң руўханийлик хызметиңиз ушын саған ҳәм улларыңа мәңгиге пай қылып бердим.
9 Қурбанлық орында Маған усынылған ең мухаддес садақалар, яғный ғәлле садақасының, гүна ҳәм айып қурбанлықларының жандырылмайтуғын бөлеклери, саған ҳәм сениң улларыңа тийисли болады.
10 Буларды ең мухаддес зат сыпатында жеўиңиз тийис, себеби булар жүдә мухаддес. Бул садақа ҳәм қурбанлықлардан тек ғана еркек адамлардың жеўине болады.
11 Және де, мыналар да саған тийисли болады: израиллылардың алып келген жоқары көтерип усынатуғын сыйларынан ажыратқан бөлеклерин саған ҳәм сениң ул-қызларыңа мәңгиге пай қылып бердим. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк адам булардан жеўине болады.
12 Олардың Маған, Жаратқан Ийеге алып келген дәслепки өнимлерин – зәйтүн майының, таза шараптың ҳәм ғәллениң ең сапалы бөлегин сизлерге бердим.
13 Елде жетистирилген дәслепки зүрәәтлерден Маған, Жаратқан Ийеге алып келингенлердиң ҳәммеси сизлерге тийисли. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк болған адам олардан жеўине болады.
14 Израилда Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир зат сизлердики болады.
15 Израил халқының Маған алып келген адамлардың да, маллардың да қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси сизлердики болады. Бирақ адамлардың ҳәм ҳарам есапланған ҳайўанлардың биринши туўылған баласы ушын қун алыўың керек.
16 Биринши туўылған ул бир айлық болғанда, оның қуны ушын бес шекел аласаң. Ҳәр бир шекел Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.
17 Бирақ сыйырдың, қойдың ҳәм ешкиниң биринши туўылған төли ушын қун алмайсаң. Олар Мен ушын арналған. Олардың қанларын қурбанлық орынға серпип, майларын Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жибересең.
18 Булардың жоқары көтерип усынылған төси ҳәм оң саны сеники болғаны сыяқлы, гөши де сеники болады.
19 Израиллылардың Маған ажыратып усынған мухаддес сыйларының барлығын саған ҳәм ул-қызларыңа мәңгиге пай етип беремен. Бул сен ҳәм сениң әўладың ушын берилген Мениң мәңги бузылмас келисимим болады.
20 Кейин Жаратқан Ийе Харонға және былай деди: – Халықтың арасында сизлердиң үлес жериңиз болмайды, олардың арасында ҳеш қандай пайыңыз болмайды. Сизлердиң израиллылар арасындағы пайыңыз ҳәм үлесиңиз Мен боламан.
21 Лебийлилердиң Ушырасыў шатырындағы жумысы ушын, Израилда жыйналатуғын барлық үсирлерди оларға пай қылып беремен.
22 Буннан былай израиллылар Ушырасыў шатырына жақын келмесин. Болмаса, олар сол гүнаның жазасын тартып өледи.
23 Ушырасыў шатырына тийисли жумысты лебийлилер ислейди, шатырға қарсы исленген ҳәр қандай айыпқа олар жуўапкер болады. Бул келешек әўладларыңыз бойынша мәңги қағыйда болсын. Израиллылардың арасында лебийлилердиң жер үлеси болмайды.
24 Буның орнына Мен лебийлилерге израиллылардың Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып берген үсирлерин үлес қылып беремен. Соның ушын, Мен: «Израиллылардың арасында лебийлилердиң үлес жери болмайды», – деп айтқан едим.
25 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26 – Лебийлилерге мынаны айт: «Мениң үлес қылып сизлерге берген үсирлерди израиллылардан алғаныңызда, алған үсирлердиң оннан бирин шығарып, Маған, Жаратқан Ийеге сый қылып бериң.
27 Мен сизлердиң бул сыйыңызды қырманнан әкелинген ғәлле ҳәм жүзим сығатуғын шуқырдан әкелинген шарап сыпатында қабыллайман.
28 Усылай етип, сизлер израиллылардан алған барлық үсирлерден оннан бир шығарып, Жаратқан Ийеге сый қылып бересизлер. Усы сыйды руўханий Харонға әкелип бериң.
29 Сизлерге берилген барлық сыйлардың ең жақсысын, ең мухаддесин ажыратып, Жаратқан Ийеге бериңлер».
30 Лебийлилерге және былай деп айт: «Сыйлардың ең жақсысын Жаратқан Ийеге ажыратқаныңыздан кейин, қалғаны өз қырманыңыздан болған өним ямаса шарап өнимиңиз сыпатында өзлериңизге қалады.
31 Буны сизлер шаңарағыңыз бенен қәлеген жерде жеўиңизге болады. Себеби бул – сизлердиң Ушырасыў шатырында ислеген хызметиңиз ушын берилген төлем.
32 Егер оннан бирден ең жақсысын Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып усынсаңыз, өзлериңизге гүна жүклемейсизлер. Өлип қалмаўыңыз ушын, израиллылардың усынған мухаддес садақаларын ҳарамламаңлар».