Санлар 2 bob
1 Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харонға былай деди:
2 – Израиллылардың ҳәр бири өз әўладының белгиси болған байрақларының астында орналассын. Олар өз шатырларын Ушырасыў шатырының дөгерегине, оннан бираз қашықлаў жерге тиксин.
3 Ушырасыў шатырының күншығыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Яҳуда ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Яҳуда урыўының көсеми Амминадаб улы Нахшон.
4 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 74 600.
5 Оның қасына Иссахар урыўы шатырларын тиксин. Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел.
6 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 54 400.
7 Зебулон урыўы да Яҳуда урыўының жанына шатырларын тиксин. Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб.
8 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 57 400.
9 Яҳуда ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 186 400. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим биринши болып алдында жүрсин.
10 Ушырасыў шатырының қубла тәрепинде орналасатуғын урыўлар Рубен ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур.
11 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 46 500.
12 Оның қасына Шимон урыўы өз шатырларын тиксин. Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел.
13 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 59 300.
14 Гад урыўы да Рубен урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф.
15 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 45 650.
16 Рубен ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 151 450. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим екинши болып жүрсин.
17 Алдынғы еки орда менен кейинги еки орданың ортасында Ушырасыў шатыры ҳәм лебийлилердиң ордасы жолға шықсын. Ҳәр бир урыўдың орналасыў тәртиби қандай болса, жолға шыққанда да сондай болсын. Ҳәр бири өз байрағы астында өз орнында жүрсин.
18 Ушырасыў шатырының батыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Эфрайым ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама.
19 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 40 500.
20 Оның қасына Менашше урыўы өз шатырларын тиксин. Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел.
21 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 32 200.
22 Бенямин урыўы да Эфрайым урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан.
23 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 35 400.
24 Эфрайым ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 108 100. Үшинши болып усылар жолға шықсын.
25 Ушырасыў шатырының арқа тәрепинде орналасатуғын урыўлар Дан урыўының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер.
26 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 62 700.
27 Оның қасына Ашер урыўы өз шатырларын тиксин. Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел.
28 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 41 500.
29 Нафталий урыўы да Дан урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира.
30 Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 53 400.
31 Дан ордасының есабына кирген барлық ләшкерлердиң саны 157 600. Олар өз байрақлары астында ең ақырында жолға шықсын.
32 Солай етип, өз әўладлары бойынша есаптан өткен пүткил Израил халқы усылар еди. Ҳәр бир орданың бөлимлерге бөлинип, есаптан өткен барлық ләшкерлердиң саны 603 550.
33 Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Лебий урыўы басқа израиллылар менен бирге есаптан өткерилмеди.
34 Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. Олар өз байрақлары астында ордаларын қурды. Олардың ҳәр бири тийре ҳәм әўладлары бойынша орналасып, сол тәртипте жолға шығатуғын еди.