Санлар 22 bob

Моаб патшасы Балақтың Биламды шақырыўы (1-20). Биламның ешеги (21-35). Патша Балақтың Билам менен ушырасыўы (36-41).

1 Соннан кейин, израиллылар жолын даўам етти. Олар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегине келип, Иордан дәрьясының шығысына, Ерихо қаласының қарсы алдына орналасты.
2 Сиппор улы Балақтың израиллылардың амор халқына нелер ислегенинен хабары бар еди.
3 Израил халқы соншелли көп болғанлықтан, моаблылар олардан қатты қорқысып, албыраўшылыққа түскен еди.
4 Сонда моаблылар Мидян ақсақалларына: «Өгиз жайлаўдағы от-шөпти жеп жоқ қылғаны сыяқлы, бул халық та дөгерегимиздеги барлық нәрсени ишип-жеп жоқ қылады», – деди. Сол ўақытлары Сиппор улы Балақ Моаб патшасы еди.
5 Балақ Беор улы Биламды шақыртыў ушын хабаршыларын жиберди. Билам Евфрат дәрьясының бойында, Аммаў үлкесиндеги Петорда жасайтуғын еди. Балақ Биламға хабаршыларынан былай деп айтып жиберген еди: «Мысыр жеринен шығып, жер жүзин қаплаған бир халық мениң жаныма келип орналасты.
6 Өтинемен, сиз келип, меннен де күшли болған сол халықты мен ушын нәлетлең. Мүмкин, сонда мен оларды жеңип, елимнен қуўып шығара аларман. Өйткени сизиң пәтия берген адамыңыз жарылқанып, нәлетлеген адамыңыз нәлетленетуғынын билемен».
7 Моаб ҳәм Мидян ақсақаллары Биламға нәлетлеўи ушын төленетуғын пулды алып кетти. Олар Биламға барып, оған Балақтың сөзлерин жеткерди.
8 Билам оларға: – Усы жерде қонып қалың. Жаратқан Ийениң айтқаны бойынша сизлерге жуўап беремен, – деди. Солай етип, Моаб басшылары Биламның үйинде қонып қалды.
9 Қудай Биламға келип, оннан: – Үйиңде қалған мына адамлар ким? – деп сорады.
10 Билам Қудайға былай деп жуўап берди: – Моаб патшасы Сиппор улы Балақ маған мына хабарды жиберипти:
11 «Мысыр жеринен шыққан бир халық жер жүзин қаплап кетти. Сиз келип, мен ушын сол халықты нәлетлең. Сонда мен оларға қарсы урысыўға күшим жетип, оларды қуўып жибере аларман».
12 Бирақ Қудай Биламға: – Олар менен бирге барма! Сол халықты нәлетлеме, себеби олар жарылқаў алған халық, – деди.
13 Азанда Билам Балақтың жиберген басшыларына: – Елиңизге қайта бериң. Себеби Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барыўыма рухсат бермеди, – деди.
14 Моаб басшылары изине қайтып, Балаққа: «Билам бизлер менен бирге келиўге ыразы болмады», – деди.
15 Сонда Балақ алдынғы жибергенлеринен де көбирек ҳәм олардан да абырайлылаў басшыларын жиберди.
16 Олар Биламның алдына барып, былай деп айтты: – Сиппор улы Балақ былай деп айтып жиберди: «Өтинемен, мениң алдыма келиўиңизге ҳеш бир нәрсе тосқынлық қылыўына жол қоймаң.
17 Өйткени сизге айрықша ҳүрмет көрсетемен, не қәлесеңиз, соны ислеймен. Не болса да, келиң, мен ушын бул халықты нәлетлең».
18 Билам Балақтың хабаршыларына мынадай жуўап қайтарды: – Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш нәрсе қылмайман.
19 Мәрҳәмат, бүгин түнде усы жерде сизлер де қонып қалың, Жаратқан Ийениң маған басқа не айтатуғынын билип алайын.
20 Сол түни Қудай Биламға келип: – Бул адамлар сени шақырыў ушын келген екен, олар менен бирге бар, бирақ Мен саған не айтсам, соны ислейсең, – деди.
21 Солай етип, азанда Билам ешегин ертледи де, Моаб басшылары менен бирге кетти.
22 Билам жолға шыққанда, Қудай оған ғәзепленди. Жаратқан Ийениң периштеси оған қарсылық қылыў ушын, оның жолында турып алды. Сонда Билам ешегине минип, кетип баратыр еди. Оның қасында еки хызметкери бар еди.
23 Ешек қылышын жалаңашлап турған Жаратқан Ийениң периштесин көргенде, жолдан шығынып, атыздың ишине кирип кетти. Ал Билам болса, ешегин жолға қайтарыў ушын, оны сабай баслады.
24 Соннан соң, Жаратқан Ийениң периштеси жүзимзарлардың арасындағы тар соқпақта турып алды. Соқпақтың еки тәрепи де дийўаллар менен қоршалған еди.
25 Ешек Жаратқан Ийениң периштесин көрип, дийўалға тығылып, Биламның аяғын қысып таслады. Билам ешегин және сабай баслады.
26 Жаратқан Ийениң периштеси алдыға жылжып, тар жерде турып алды. Енди ешек оңға да, солға да бурылып кете алмайтуғын еди.
27 Жаратқан Ийениң периштесин көрген ешек Биламның астына жатып алды. Биламның буған ғәзеби қайнап, таяғы менен ешекти және сабай баслады.
28 Сонда Жаратқан Ийениң қүдирети менен ешекке тил питип, Биламға: – Мени үш мәрте урып сабағандай, мен саған не қылдым? – деп сорады.
29 Билам: – Сен мени мазақ қылып атырсаң. Егер қолымда қылышым болғанда, сени өлтирип таслаған болар едим! – деп бақырды.
30 шек оған: – Усы күнге дейин минип жүрген ешегиң мен емеспен бе? Бурын саған усындай қылық шығарған ба едим? – деди. Билам: – Яқ, – деди.
31 Соннан соң, Жаратқан Ийе Биламның көзин ашты. Сонда Билам қылышын жалаңашлап, жолда турған Жаратқан Ийениң периштесин көрип, ет бетинен жерге жығылды.
32 Жаратқан Ийениң периштеси Биламға: – Не ушын ешегиңди үш мәрте урып, сабадың? Саған қарсылық қылыў ушын келдим. Себеби тутқан жолың сени бәлеге дуўшар қылады.
33 Ал ешегиң болса Мени көрип, үш мәрте өзин жолдан шетке алып қашты. Егер ол жолдан шетке шықпағанда, сени өлтирип, оны аман қалдырған болар едим, – деди.
34 Билам Жаратқан Ийениң периштесине: – Гүна қылдым. Маған қарсы шығыў ушын, жолда турғаныңды билмеппен. Егер бул тутқан жолым Саған мақул болмаса, онда үйиме қайтайын, – деди.
35 Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Мына адамлар менен бирге кете бер. Бирақ Мен саған не айтсам, тек ғана соны айтасаң, – деди. Солай етип, Билам Балақтың басшылары менен бирге кетти.
36 Балақ Биламның киятырғанын еситиўден, оны күтип алыў ушын Арнон бойындағы, Моаб елиниң шегарасында жайласқан Ир қаласына кетти.
37 Балақ Биламға: – Сизди шақырыў ушын жиберген алдынғы адамларым менен не ушын келмедиңиз? Ямаса мени саўға менен сыйлаўға күши жетпейди, деп ойлап па едиңиз? – деди.
38 Билам Балаққа: – Мине, енди сизиң алдыңызға келдим. Қудай мениң аўзыма қандай сөз салса, соны айтаман, өзлигимнен не айтыўым мүмкин? – деп жуўап берди.
39 Соннан кейин, Билам Балақ пенен бирге жолға түсип, Кирят-Хусот қаласына кетти.
40 Сол жерде Балақ буға ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Қурбанлықтың гөшинен Билам менен оның қасындағы басшыларға да берди.
41 Ертеңине азанда Балақ Биламды Бамот-Баал төбешигине алып шықты. Билам ол жерден Израил халқының бир бөлегин көрди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.