Санлар 23 bob
1 Билам Балаққа: – Усы жерде мен ушын жети қурбанлық орын қурып, жети буға менен жети қошқар таярлаң, – деди.
2 Балақ оның айтқанларын иследи. Балақ пенен Билам екеўи ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан жандырылатуғын қурбанлық қылды.
3 Кейин Билам Балаққа: – Сиз қурбанлықларыңның қасында турың, мен сәл арманлаў барып көрейин. Бәлким, Жаратқан Ийе мениң менен ушырасыўға келер. Ол маған не десе, саған соны айтаман, – деди де, төбешикке шықты.
4 Қудай Биламға көрингенде, Билам Қудайға: – Жети қурбанлық орын қурдырдым, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық қылдым, – деди.
5 Жаратқан Ийе Биламның аўзына айтатуғын сөзлерин салып, оған: – Балақтың алдына бар ҳәм оған Мениң айтқан сөзлеримди жеткиз, – деди.
6 Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың жанында турғанын көрди.
7 Сонда Билам мына сөзлерди айтты: «Моаб патшасы Балақ мени Арамнан, Шығыс таўларынан алып келди. Ол: „Келип, мениң ушын Яқып урпағын нәлетле, Келип, Израилға жаманлық тиле!“ – деди.
8 Қудай нәлетлемегенди Мен қалайынша нәлетлеймен? Жаратқан Ийе жаманлық тилемегенге, Мен қалай жаманлық тилеймен?
9 Жартаслардың төбесинде турып, көрип турман оларды, Төбелерден қарап турман оларға. Өз алдына жасайтуғын, Басқа халықлардан өзлерин бөлек услайтуғын, Бир халықты көрип турман.
10 Яқыптың қум сыяқлы көп урпағын ким санай алады? Көтерилген шаң киби сансыз Израилды ким есаплай алады? Әдил адамлардың өлими менен мен де өлейин, Ақыретим олардики киби болсын!»
11 Балақ Биламға: – Маған не ислеп атырсыз өзи? Мен сизди душпанларымды нәлетлесин деп алып келген едим, ал сиз болсаңыз, оларға пәтия берип атырсыз-ғо! – деди.
12 Билам: – Мен Жаратқан Ийе аўзыма салған сөзди абайлап айтыўым керек емес пе? – деп жуўап берди.
13 Соннан соң, Балақ оған былай деди: – Мениң менен бирге оларды көре алатуғын басқа жерге жүриң. Бирақ ол жерден олардың ҳәммесин емес, ал тек ғана бир бөлегин көресиз. Сол жерде турып, Израил халқын мениң ушын нәлетлең.
14 Солай етип, Балақ Биламды Писга таўының төбесиндеги гүзетиў орнына алып барды. Балақ ол жерде де жети қурбанлық орын қурып, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.
15 Билам Балаққа: – Сиз усы жерде, жандырылатуғын қурбанлықтың қасында турың, ал мен ана жерге барып, Жаратқан Ийе менен ушырасып келемен, – деди.
16 Жаратқан Ийе Билам менен ушырасты ҳәм оның аўзына айтатуғын сөзлерин салып: – Балақтың алдына барып, оған мына сөзлерди жеткиз, – деди.
17 Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың қасында турғанын көрди. Балақ: – Жаратқан Ийе не деди? – деп сорады.
18 Билам оған мына сөзлерди жеткерди: «Балақ, тыңлап түсинип алың, Сиппор улы, маған қулақ салың.
19 Қудай инсан емес жалған сөйлейтуғын, Ол адамзат емес Өз пикирин өзгертетуғын. Ол Өз айтқан сөзин әмелге асырар, Ўәде бергенде, сөзсиз орынлар.
20 Жарылқаў ушын маған буйрық берди, Өзгертире алмаспан мен Оның жарылқаўын.
21 Яқып урпағында апат көринбейди, Бахытсызлық та көринбес Израилда, Қудайы Жаратқан Ийе олар менен бирге, Ол Патшасыдур олардың арасында, Патшалық кәрнай шертилер арналып Оның атына.
22 Қудай оларды Мысырдан алып шықты, Жабайы буға сыяқлы Оның күши бар.
23 Яқыптың урпағында жорыўшылық жоқ, Израилда палкерлик қылынбас. Енди болса, Яқыптың урпағы Израил ушын, „Қудай нелерди иследи!“ – деп айтылып атыр.
24 Мине, халық ана арыслан киби оянар, Арыслан яңлы олжасын жеп таўыспағанша, Өлтирген олжасының қанын ишип болмағанша жатпас».
25 Сонда Балақ: – Егер Израил халқын нәлетлемейди екенсиз, онда оларды жарылқама да! – деди.
26 Билам оған: – Сизге Жаратқан Ийе не айтса, соны айтаман деп айтқан жоқ па едим? – деп жуўап берди.
27 Балақ Биламға: – Не болса да, жүр, енди сизди басқа жерге алып барайын. Бәлким, Қудайға мақул болып, ол жерден оларды нәлетлеўиңизге жол қояр, – деди.
28 олай етип, ол Биламды Пеор таўының төбесине алып барды. Ол жерден шөл дала көринетуғын еди.
29 Билам оған: – Бул жерде де жети қурбанлық орын қурып, жети буға ҳәм жети қошқар таярлаң, – деди.
30 Балақ оның айтқанларын иследи ҳәм ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.