Санлар 24 bob

Биламның төртинши мәрте айтқан сөзлери (15-19). Биламның ақырғы сөзлери (20-25).

 
1 Билам Жаратқан Ийениң Израил халқын жарылқаўды мақул көретуғынын билгенде, алдынғыдай барып, жорыўға урынбады. Ол өз нәзерин шөлге қаратты.
2 Билам ол жақта Израилдың урыў-урыў болып жайласқанын көрди. Сонда Қудайдың Руўхы Биламның үстине түсти
3 ҳәм Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
4 Қудайдың сөзлерин еситкен, Қүдирети күшли Қудайдың аяны түскен, Жерге қулаған, бирақ Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
5 „Яқып урпағы, шатырларың қандай әжайып, Израил халқы, мәкан жериңиз қандай гөззал!
6 Олар созылғандур пальмазардай, Дәрья бойындағы бағы-бақша киби, Жаратқан Ийениң отырғызған алоэ ағашындай, Мегзейди суў бойындағы кедр ағашларына.
7 Суў ыдысларынан суў толып тасар, Туқымлары мол суў менен суўғарылар. Агагтан Израил патшасы уллы болар, Израил патшалығы қүдиретли болар.
8 Қудай оларды Мысырдан алып шықты, Жабайы буға сыяқлы күши бар Оның. Душпаны болған халықларды жалмамай жутар, Олардың сүйеклерин езип, оқларын сындырар.
9 Израил арысландай, ана арыслан яңлы, Жерге ийилди де, жатты, Оны оятыўға кимниң батылы барар? Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын, Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын!“»
10 Биламға ғәзеби қайнаған Балақ қолларын бир-бирине урып: – Душпанларымды нәлетлесин деп, сизди шақырған едим. Ал сиз болсаңыз, оларға үш мәрте пәтия бердиңиз.
11 Енди дәрҳал үйиңизге қайтың! Сизге саўға сыйлайман деген едим, бирақ Жаратқан Ийе сизди саўғадан бос қалдырды, – деди.
12 Сонда Билам оған жуўап берип, былай деди: – Маған жиберген елшилериңе: «Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш қандай жақсы да, жаман да нәрсе қылмайман.
13 Ал Жаратқан Ийе нени буйырса, соны сөйлеймен», – деп айтқан жоқпан ба?
14 Енди мен өз елиме қайтаман. Бирақ алдын Израил халқының келешекте сениң халқыңызға нелер ислейтуғынын сизге айтып берейин.
15 Соңынан Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
16 Қудайдың сөзлерин еситкен, Қудай Тааладан билим алған, Қүдирети күшли Қудайдың саўлатын көрген, Жерге қулаған, Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
17 „Оны көрип турман, бирақ ҳәзир емес, Оған қарап турман, бирақ ол жақын емес. Яқып урпағынан бир жулдыз шығар, Израилдан патшалық ҳасасы көтерилер. Ол Моабтың көсемлерин жоқ қылып, Шеттиң урпағының басларын езер.
18 Душпаны болған Эдомды ийелеп алар, Аўа, Сеир жеңилиске ушырар, Ал Израил халқы күшке толар.
19 Яқып урпағынан болған адам басшылық қылар, Қала халқының қалғанларын жоқ қылар“».
20 Соннан кейин, Билам амалеклерди көрип, мынадай сөзлерди айтты: «Амалек халқы басқа халық арасында биринши еди, Бирақ апат болажақ оның ақыры».
21 Кейин ол кен халқын көрип, мынадай сөз айтты: «Сизлердиң баспанаңыз беккем, Уяңыз жартасларға қурылған.
22 Бирақ, ҳәй кенлер, ашшур халқы сизлерди тутқын қылғанда, Сизлер жанып, жоқ боласызлар».
23 Билам сөзлерин және былай деп даўам етти: «Оҳ, буны әмелге асыратуғын Қудай болса, Онда ким аман қалар?
24 Киттим жағаларынан кемелер келер, Ашшур менен эбер халқын тәслим қылар, Бирақ өзлери де апатқа дуўшар болар».
25 Кейин, Билам жолға шығып, үйине қайтты. Балақ та өз жолы менен кетти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.