Санлар 29 bob

Кәрнай байрамы (1-6). Гүнадан пәклениў күни усынылатуғын қурбанлықлар (7-11). Қос байрамында берилетуғын қурбанлықлар (12-39).

1 «Жетинши айдың биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемең. Сол күни сизлер ушын кәрнай шертилетуғын күн болсын.
2 Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын минсиз бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
3 Буға менен бирге ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
4 ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы ун алып келиң.
5 Өзлериңизди гүналардан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының.
6 Қағыйда бойынша ҳәр бир айда ҳәм күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасы ҳәм ғәлле садақасынан тысқары усыларды қурбанлыққа бериң. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».
7 «Жетинши айдың оныншы күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни ораза тутып, ҳеш қандай жумыс ислемең.
8 Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық қылып усының. Қурбанлыққа берилетуғын бул ҳайўанлар минсиз болсын.
9 Буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
10 ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
11 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар гүналарыңыздан пәклениў ушын берилген гүна қурбанлығынан, күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик ҳәм ғәлле садақаларынан тысқары берилсин».
12 «Жетинши айдың он бесинши күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемең. Жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап байрам қылың.
13 Биринши күни Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын он үш буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
14 Ҳәр бир буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
15 ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
16 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
17 Екинши күни он еки буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
18 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
19 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
20 Үшинши күни он бир буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
21 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
22 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
23 Төртинши күни он буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
24 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
25 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
26 Бесинши күни тоғыз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
27 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
28 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
29 Алтыншы күни сегиз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
30 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
31 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
32 Жетинши күни жети буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
33 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
34 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
35 Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
36 Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
37 Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
38 Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
39 Усы қурбанлықлардың барлығын – ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары жандырылатуғын қурбанлық болсын, ғәлле ҳәм ишимлик садақалар болсын, татыўлық қурбанлық болсын Жаратқан Ийеге белгиленген ўақытта алып келиң».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.