Санлар 3 bob

Лебийлилердиң хызметлери (1-13). Лебий урыўының дизимге алыныўы (14-39). Лебий урыўының туңғыш уллардың орнын басыўы (41-51).

1 Жаратқан Ийе Синай таўында Муўса менен сөйлескенде, Харон менен Муўсаның урпақлары мыналардан ибарат еди:
2 Харонның уллары: туңғышы Надаб, оннан кейингиси Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар.
3 Май қуйылып, руўханийлик хызметке тайынланған Харонның уллары усылар еди.
4 Бирақ Надаб пенен Абиҳу Синай шөлинде Жаратқан Ийениң алдында буйырылмаған от усынғаны ушын өлген еди. Олардың екеўи де перзентсиз еди. Сонлықтан Элазар менен Итамар әкеси Харонның қасында руўханийлик хызметин атқарды.
5 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6 – Руўханий Харонға жәрдем бериўи ушын Лебий урыўын шақырып, оларды хызметке қой.
7 Олар Харон ҳәм пүткил жәмийет ушын Ушырасыў шатырында қараўыллық қылсын ҳәм ондағы барлық хызметти алып барсын.
8 Олар израиллылар ушын Ушырасыў шатырында хызмет қылып, ондағы барлық буйымларға жуўапкер болсын.
9 Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының хызметине тапсыр. Лебийлилер Израил халқының ишинде пүткиллей Харонның хызметине арналады.
10 Руўханийлик хызметин атқарыўы ушын Харон менен улларын хызметке қой. Олардан басқа Мухаддес орынға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилсин.
11 Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
12 – Мине, Израил халқының қарыннан биринши шыққан улларының орнына лебийлилерди таңладым. Олар Маған тийисли.
13 Өйткени барлық туңғышлар Маған тийисли. Мен Мысырда туңғышлардың ҳәммесин жоқ қылған күни, Израилдың барлық туңғышларын – адамның туңғышын, ҳайўанның биринши төлин Өзиме айырып алдым. Олар Маған тийисли. Себеби Мен – Жаратқан Ийемен.
14 Жаратқан Ийе Муўсаға Синай шөлинде былай деди:
15 – Лебий урыўын санақтан өткиз. Бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары ҳәм тийрелери бойынша есаплап шық.
16 Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларды санап шықты.
17 Лебийдиң улларының атлары мыналар: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий.
18 Гершонның тийре басшылары болған уллары мыналар: Либний ҳәм Шимей.
19 Қоҳаттың тийре басшылары болған уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
20 Мерарийдиң тийре басшылары болған уллары: Махлий ҳәм Муший. Әўладлары бойынша Лебий тийрелери усылар.
21 Гершоннан Либний ҳәм Шимей тийрелери келип шықты.
22 Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 7500.
23 Гершон тийрелери батыста, Шатырдың артқы тәрепинде орналасыўы керек еди.
24 Гершон әўладының басшысы Лаел улы Элясаф еди.
25 Гершонның урпағы Ушырасыў шатырының мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың ишки бөлими менен жапқышларына, шатырдың кирер аўзындағы пердеге,
26 ҳәўли ҳәм қурбанлық орынды қоршап турған перделерге, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеге, арқанларға ҳәм буларға тийисли барлық хызметлерге.
27 Қоҳаттан Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел тийрелери келип шықты.
28 Олардағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 8600 еди. Олар Мухаддес шатырдың хызметине жуўапкер болды.
29 Қоҳаттан келип шыққан тийрелер шатырдың қубла тәрепинде орналасыўы керек еди.
30 Қоҳат әўладының басшысы Уззиел улы Элисафан еди.
31 Қоҳат урпағы Келисим сандығына, столға, шыра қойғышқа, қурбанлық орын менен түтетки түтетилетуғын орынға, Мухаддес шатырдың буйымларына, Ең мухаддес бөлме менен Мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге ҳәм усыларға тийисли хызметлерге жуўапкер еди.
32 Лебий урыўының басшыларының үстинен руўханий Харонның улы Элазар басшылық қылатуғын еди. Мухаддес шатырға жуўапкер адамлар оның бақлаўы астында болды.
33 Мерарийден Махлий ҳәм Муший тийрелери келип шықты.
34 Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 6200.
35 Мерарий әўладының басшысы Абихайыл улы Суриел еди. Мерарий тийрелери шатырдың арқа тәрепинде орналасыўы керек еди.
36 Мерарий урпақлары шатырдың мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың тахтайларына, қадаларына, бақанларына, ултанларына ҳәм буларға тийисли барлық затларға, шатырдың ҳәўлисиниң әтирапындағы бақанлары менен ултанларына ҳәм қазықлары менен арқанларына ҳәм буларға тийисли барлық хызметке
37 .
38 Муўса, Харон ҳәм оның уллары шатырдың шығысқа қараған алдынғы тәрепине, Ушырасыў шатырының алдында орналасатуғын еди. Олар израиллылар атынан Мухаддес мәканда хызмет қылыў ушын қойылған еди. Олардан басқа сол хызметти атқарыўға Мухаддес мәканға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилетуғын еди.
39 Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық Лебий урыўын тийрелери бойынша бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды санап шыққанда, олардың улыўма саны 22 000 болды.
40 Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Израиллылардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы еркек туңғышларын санап шығып, оларды атпа-ат дизимге ал.
41 Израиллылардың барлық туңғыш улларының орнына лебийлилерди, және де, израиллылардың ҳайўанларының биринши төллериниң орнына лебийлилердиң ҳайўанларын Маған айырып бер. Мен – Жаратқан Ийемен, – деди.
42 Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип, израиллылардың барлық туңғыш улларын санап шықты.
43 Атпа-ат есапқа алынған бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы туңғыш ер адамлар барлығы болып 22 273 болды.
44 Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
45 – Израиллылардың туңғыш улларының орнына лебийлилерди, ҳайўанларының орнына да лебийлилердиң ҳайўанларын айырып шығар. Лебийлилер Меники болады. Мен – Жаратқан Ийемен.
46 Лебийлилердиң санынан артық шыққан 273 израиллы туңғыш ер адамлар ушын қун төлеп қайтып алыўы тийис.
47 Ҳәр бир артық шыққан адам ушын бес шекел* гүмистен ал. Ҳәр бир шекел гүмис бөлеклери Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.
48 Лебийлилердиң санынан артық шыққанлардан қун сыпатында алынатуғын гүмисти Харон менен улларына бер.
49 Муўса лебийлилерден артық шыққан израиллыллардан қун төлеми сыпатында пул алғанда,
50 бул Мухаддес орын өлшеми менен 1365 шекел гүмис болды.
51 Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, қунның төлемлерин Харон ҳәм оның улларына берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16