Санлар 31 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Мидянлылардан израиллылардың өшин ал, соннан кейин бул дүньядан көз жумып, өз ата-бабаларыңа қосыласаң.
3 Соннан кейин, Муўса халыққа: – Мидянлыларға барып, олардан Жаратқан Ийениң өшин алыў ушын өз адамларыңызды урысқа алып шығың.
4 Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан урысқа жибериң, – деди.
5 Солай етип, Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан, он еки мың адам таңлап алынып, урысқа таяр болып турды.
6 Муўса оларды ҳәм руўханий Элазар улы Пинехасты урысқа жиберди. Пинехас өзи менен бирге мухаддес орынға тийисли базы буйымларды ҳәм дабыл қағып белги беретуғын кәрнайларды алып кетти.
7 Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша мидянлыларға қарсы саўаш ашып, олардың барлық еркеклерин қырып таслады.
8 Өлтирилгенлердиң арасында Мидянның бес патшасы – Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Реба да бар еди. Олар Беор улы Биламды да қылыш пенен өлтирди.
9 Израиллылар мидян халқының ҳаяллары менен балаларын тутқын қылып, барлық малларын, сүриўлерин ҳәм мүликлерин олжа қылып алды.
10 Мидянлылардың жасап атырған барлық қалалары менен ордаларына от берди.
11 Олар адамларды, ҳайўанларды ҳәм олжа қылып алған барлық мүликлерди өзлери менен алып кетти.
12 Бул тутқынларды ҳәм олжа қылып алған мал-мүликлерди Иордан дәрьясының бойына, Муўса менен руўханий Элазар ҳәм Израил жәмийети жыйналған Ерихо қаласының қарсысында жайласқан ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегиндеги ордаға алып келди.
13 Муўса, руўханий Элазар ҳәм жәмийет басшылары оларды қарсы алыў ушын орданың сыртына шықты.
14 Бирақ Муўса саўаштан қайтқан орда сәркәрдаларына – мыңбасыларға ҳәм жүзбасыларға ғәзепленди.
15 Муўса оларға былай деди: – Не ушын барлық ҳаялларды аман қалдырдыңыз?!
16 Бул ҳаяллар Биламның берген мәсләҳәти бойынша Пеор таўында израиллылардың Жаратқан Ийеге қыянет етиўине себеп болған еди. Сол себепли Жаратқан Ийениң жәмийети арасында өлим обасы ҳәўиж алған еди.
17 Енди барлық ул балаларды ҳәм еркек көрген ҳаялларды өлтириң.
18 Тек ғана еркекке жақынласпаған жас қызларды өзлериңиз ушын аман қалдырың.
19 Соңынан араңыздағы адам өлтирген ямаса өлиге жантасқан ҳәр бир адам жети күн даўамында орданың сыртында қалсын. Үшинши ҳәм жетинши күни өзлериңизди де, тутқынларыңызды да пәклең.
20 Және де, барлық кийимлерди, териден, ешки жүнинен ҳәм ағаштан исленген ҳәмме затларды пәклең.
21 Кейин руўханий Элазар саўаштан қайтқан ләшкерлерге былай деди: – Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамының талаплары мыналардан ибарат:
22 алтын, гүмис, мыс, темир, қалайы, қорғасын –
23 отқа жанбайтуғын барлық затларды оттан өткерип, ҳадаллап алың, сонда олар ҳадал саналады. Соның менен бирге, оларды пәклеў суўы менен де ҳадаллаң. Отқа жанатуғын затларды суўдың өзи менен ҳадаллап алың.
24 Жетинши күни кийимлериңизди жуўың. Сонда сизлер пәк саналасызлар. Кейин сизлер ордаға қайтып келиўиңизге болады.
25 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26 – Сен, руўханий Элазар ҳәм жәмийеттиң әўлад басшылары қолға түскен тутқынлар менен олжаға түскен малларды есаплап шығың.
27 Қолға киргизгенлериңизди теңдей екиге бөлип, саўашқа қатнасқан ләшкерлер менен жәмийеттиң қалған адамларына бөлистирип бериң.
28 Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң пайына түскен тутқынлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге, Маған бес жүзден биреўин пай қылып айырып бериң.
29 Әскерлерден алынған усы пайды Маған ажыратылған түрде руўханий Элазарға бериң.
30 Израиллыларға түскен жарты пайдан – адамлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан, яғный барлық ҳайўанлардан елиўден биреўин алып, Мениң Мухаддес шатырымның жумысына жуўапкер болған лебийлилерге бериң.
31 Муўса менен руўханий Элазар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
32 Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң қолға киргизгенлеринен қалған олжалар мыналар еди: 675 000 майда мал,
33 72 000 ири мал,
34 61 000 ешек,
35 еркекке жақынласпаған 32 000 қыз.
36 Саўашқа қатнасқан ләшкерлерге түскен жарты пай мыналар: 337 500 майда мал,
37 булардан Жаратқан Ийеге 675 ири мал пай қылып берилди,
38 36 000 ири мал, булардан Жаратқан Ийеге 72 ири мал пай қылып берилди,
39 30 500 ешек, булардан Жаратқан Ийеге 61 ешек пай қылып берилди,
40 16 000 қыз, булардан Жаратқан Ийеге 32 қыз пай қылып берилди.
41 Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай Жаратқан Ийеге ажыратылған пайды руўханий Элазарға берди.
42 Муўсаның саўашқа қатнасқан ләшкерлерден алып, израиллыларға ажыратып берген жарты пайы мыналар:
43 337 500 майда мал,
44 36 000 ири мал,
45 30 500 ешек,
46 16 000 қыз.
47 Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Муўса израиллыларға түскен жарты пайдан ҳәр елиў адамнан ҳәм ҳәр елиў ҳайўаннан биреўин алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының хызметине жуўапкер болған лебийлилерге берди.
48 Соннан кейин, орда сәркәрдалары – мыңбасылар менен жүзбасылар Муўсаның алдына барып:
49 – Мырза, қол астымыздағы ләшкерлерди санап шықтық, бирде бир ләшкеримизди жойтпаппыз.
50 Мине, қолға киргизген алтын буйымларымызды – қолға тағылатуғын шынжыр, билезик, жүзик, сырға ҳәм ҳәйкеллеримизди алып келдик. Жанымыздың қуны сыпатында усыларды Жаратқан Ийеге беремиз, – деди.
51 Муўса менен руўханий Элазар олар алып келген барлық алтын буйымларды алды.
52 Мыңбасы менен жүзбасылар Жаратқан Ийеге берген алтынның аўырлығы барлығы болып 16 750 шекел.
53 Саўашқа қатнасқан ҳәр бир ләшкер болса, олжаларын өзлерине қалдырған еди.
54 Муўса менен руўханий Элазар мыңбасы ҳәм жүзбасылардың усынған алтынларын қабыллап алды. Оларды Жаратқан Ийениң Израил халқын еслеп турыўы ушын Ушырасыў шатырына алып келди.