Санлар 32 bob

Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде орналасқан урыўлар (1-42).

1 Рубен ҳәм Гад урыўларының маллары жүдә көп еди. Олар Язер ҳәм Гилад жерлериниң мал шарўашылығы ушын қолайлы жер екенин көрип,
2 Муўса менен руўханий Элазардың ҳәм жәмийет басшыларының алдына барып, былай деди:
3 – Атарот, Дибон, Язер, Нимра, Хешбон, Элале, Себам, Небо ҳәм Беон қалалары
4 жайласқан елди Жаратқан Ийе Израил халқына жеңип берди. Бул елдиң жери маллар ушын қолайлы екен. Ал қулларыңыз болған бизлерде малларымыз бар.
5 Егер де сениң кеўлиңди тапқан болсақ, бизлерди Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткизбей, бул елди мүлик етип, бизлерге бер.
6 Муўса оларға былай деп жуўап берди: – Туўысқанларыңыз саўашқа баратырғанда, сизлер усы жерде қалажақсыз ба?
7 Жаратқан Ийениң берип атырған жерине кириўге израиллыларды не ушын айнытып атырсызлар?
8 Мен ата-бабаларыңызды елди көзден өткериўге Қадеш-Барниядан жибергенимде, олар да тап усындай қылған еди.
9 Олар Эшкол сайына дейин барып, елди көзден өткергеннен соң, Жаратқан Ийениң өзлерине беретуғын жерге бармаўы ушын израиллыларды айнытқан еди.
10 Сол күни Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, былай деп ант ишкен еди:
11 «Мысыр жеринен шыққан жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы адамлардың ҳеш бири Мениң Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Өйткени олар пүткил жүреги менен Маған бойсынбады.
12 Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш бири ол жерди көрмейди. Себеби Калеб ҳәм Ешуа пүткил жүреги менен Маған садық қалды».
13 Жаратқан Ийе израиллыларға қатты ғәзепленди. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўызлық болған ислерди қылған сол әўладтың пүткиллей жоқ болып кеткенинше, оларды қырық жыл шөлде алып жүрди.
14 Енди, мине, гүнакарлар әўлады болған сизлер әкелериңиздиң орнын басып, Жаратқан Ийениң Израилға болған ғәзебин күшейтип атырсызлар.
15 Егер Оннан жүз бурсаңыз, Ол пүткил бул халықты және шөлге таслап кетеди. Солай етип, сизлер усы халықты жоқ қылажақсызлар.
16 Бирақ Гад ҳәм Рубен урыўы Муўсаның қасына жақынлап, былай деди: – Бизлердиң усы жерде малларымыз ушын қоралар соғып, бала- шағаларымыз ушын қалалар қурыўымызға рухсат бер.
17 Ал өзлеримиз болса қуралланып, израиллылар менен бирге барып, олардың мәкан қылатуғын жерин ийелеп алғанға дейин, олардың алдында жүремиз. Бала- шағаларымыз елдиң турғынларынан қәўипсиз болған қорған қалаларда жасай берсин.
18 Ҳәр бир израиллы өз мүлкин ийелемегенше, бизлер үйлеримизге қайтпаймыз.
19 Иордан дәрьясының арғы жағасында олар менен бирге жер үлестен алмаймыз, себеби бизлердиң үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болады.
20 Муўса оларға былай деп жуўап берди: – Егер сизлер айтқанларыңызды орынлайтуғын болсаңыз, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа барыў ушын қуралланың.
21 Жаратқан Ийе душпанларын қуўып жибермегенше, ҳәммеңиз Оның алдында қуралланып, Иордан дәрьясының арғы жағасына өтиң.
22 Пүткил сол ел Жаратқан Ийе ушын басып алынғаннан соң, сизлер Жаратқан Ийе ҳәм Израил халқы алдындағы миннетиңизден азат боласызлар. Сонда сизлер усы жерге қайтып келиўиңизге болады ҳәм бул жер Жаратқан Ийениң алдында сизлердиң мүлкиңиз болып қалады.
23 Бирақ айтқанларыңызды орынламасаңыз, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген боласызлар ҳәм бул гүнаңыз өз басыңызға жетеди.
24 Бала- шағаларыңыз ушын қалалар қурып, малларыңыз ушын қоралар соғың. Деген менен, берген ўәдеңизде турың.
25 Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары Муўсаға былай деди: – Мырзамыз, сиз не буйырсаңыз, қулларыңыз болған бизлер соны орынлаймыз.
26 Бала-шағамыз, малларымыз ҳәм ҳайўанларымыз усы жерде, Гилад қалаларында қалады.
27 Ал қулларыңыз болған бизлер сизиң буйырғаныңыздай, ҳәр биримиз қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа түсиў ушын дәрьяның арғы жағасына өтемиз.
28 Соннан кейин, Муўса Гад ҳәм Рубен урыўлары ҳаққында руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм Израил урыўларының әўлад басшыларына буйрық берип,
29 былай деди: – Егер Гад ҳәм Рубен урыўларынан қуралланған адамлар Жаратқан Ийениң алдында сизлер менен бирге Иордан дәрьясының арғы жағасына өтсе ҳәм сизлер сол елди қолға киргизсеңиз, онда Гилад үлкесин мүлик қылып, оларға бериң.
30 Бирақ, егер де олар қуралланып, сизлер менен бирге дәрьяның арғы жағасына өтпесе, онда олар Қанан үлкесинен сизлер менен бирге үлес жер алады.
31 Сонда Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары: – Жаратқан Ийе қулларыңыз болған бизлерге қандай буйрық берген болса, соның ҳәммесин орынлаймыз.
32 Бизлер қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында Қанан үлкесине барамыз. Ал бизлердиң алатуғын жер үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болсын, – деди.
33 Солай етип, Муўса Гад пенен Рубен урыўларына ҳәм Юсуп улы Менашше урыўының жартысына амор халқының патшасы Сихонның ели менен Башан патшасы Огтың елин ҳәм олардың қалалары менен қала дөгерегиндеги жерлерди берди.
34 Гад урыўы Дибон, Атарот, Ароер,
35 Атрот-Шофан, Язер, Иогбоҳа,
36 Бейт- Нимра ҳәм Бейт-Ҳаран деген қорғанлы қалаларын жаңадан қурды, маллары ушын қоралар соқты.
37 Рубен урыўы Хешбон, Элале, Кирятайым,
38 атлары өзгертилген еки қала Небо менен Баал-Меон ҳәм Сибма қалаларын қайта қурды. Олар тиклеген қалаларына жаңадан ат қойды.
39 Менашшениң улы Махирдиң әўладлары Гиладқа барды ҳәм оны ийелеп алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып шығарды.
40 Солай етип, Муўса Гиладты Менашше улы Махирдиң әўладына берди. Олар сол жерге қоныс басты.
41 Менашшениң улы Яир бир неше қалаларға ҳүжим етип, оларды ийелеп алды. Сол жерлерди Яирге тийисли қалалар деп атады.
42 Нобах та Кенат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды ийелеп алып, ол жерди өзиниң аты менен Нобах деп атады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.