Санлар 34 bob

Қанан елиниң шегаралары (1-15). Жерди бөлистирип бериўге жуўапкер жетекшилер (16-29).

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израиллыларға былай деп буйыр: «Сизлерге мүлик етип берилетуғын Қанан елине киргениңизде, оның шегаралары мынадай болады:
3 Сизлердиң қубла тәрептеги шегараңыз Зин шөлинен Эдом шегарасы бойлап созылады. Бул қубла шегараңыз шығыстағы Өли теңиздиң шетинен басланады.
4 Оннан кейин Ақраббим бийиклигиниң қубласынан Зин арқалы өтип, Қадеш-Барнияның қубласына дейин созылады. Ол жерден шегара Хасар-Аддар арқалы өтип, Асмонға дейин барады.
5 Кейин сол жерден бурылып, Мысыр шегарасындағы сайға дейин созылып, Жер Орта теңизине барып таўысылады.
6 Батыс шегараңыз Жер Орта теңизиниң жағасы болады. Батыстағы шегараңыз усыдан ибарат.
7 Арқа шегараңыз Жер Орта теңизинен Ҳор таўына дейин созылады.
8 Ҳор таўынан Лебо-Хаматқа дейин, кейин Седадқа дейин барып,
9 Зифронға дейин созылады ҳәм Хасар-Энанда таўысылады. Арқадағы шегараңыз усыдан ибарат.
10 Шығыс шегараңыз Хасар-Энаннан басланып, Шефамға дейин созылады.
11 Кейин шегара Шефамнан Айынның шығыс тәрепиндеги Риблаға дейин барады. Ол жерден Киннерет көлиниң шығыс жағындағы жанбаўырларға дейин созылады.
12 Соннан кейин, шегара ол жерден Иордан дәрьясы бойынша созылып, Өли теңизге барып тоқтайды. Ҳәр тәрептеги елиңиздиң шегаралары усы болады».
13 Соннан кейин, Муўса израиллыларға: – Мине, мүлик қылып, шек бойынша бөлисип алатуғын ел усы болады. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бул ел тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына бөлистирип бериледи.
14 Өйткени Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы өзлерине тийисли жер үлесин әўладлары бойынша бөлисип алды.
15 Бул еки урыў менен ярым урыў Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен өз мүликлерин алды, – деди.
16 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
17 – Руўханий Элазар ҳәм Нун улы Ешуа Израил халқына елди бөлистирип берсин.
18 Елди бөлистириў ушын ҳәр бир урыўдан бир жетекшиден алып, хызметке қойың.
19 Сол адамлардың атлары мыналар: Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
20 Шимон урыўынан Аммиҳуд улы Самуел,
21 Бенямин урыўынан Кислон улы Элидад,
22 Дан урыўынан Иоглий улы басшы Буккий,
23 Юсуп улы Менашше урыўынан Эфод улы басшы Ханниел,
24 Эфрайым урыўынан Шифтан улы басшы Кемуел,
25 Зебулон урыўынан Парнах улы басшы Элисафан,
26 Иссахар урыўынан Аззан улы басшы Палтиел,
27 Ашер урыўынан Шеломий улы басшы Ахиҳуд,
28 Нафталий урыўынан Аммиҳуд улы басшы Педаел.
29 Қанан жерин Израил халқына мүлик етип бөлистирип бериң, деп Жаратқан Ийе усы адамларға буйырған еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.