Санлар 35 bob

Лебийлилерге берилген қалалар (1-5). Паналайтуғын қалалар (6-34).

1 Жаратқан Ийе ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Муўсаға былай деди:
2 – Израиллыларға буйыр, олар алатуғын үлес жеринде лебийлилердиң жасаўы ушын қалалар ажыратып берсин. Соның менен бирге, қалалардың әтирапындағы жайлаўларды да берсин.
3 Солай етип, лебийлилердиң жасаўы ушын қалалары ҳәм олардың пада, сүриўлери менен басқа да ҳайўанлары ушын жайлаўлары болсын.
4 Лебийлилерге берилетуғын қалалардың айлана әтирапындағы жайлаўлар қала қорғанынан баслап мың шығанақ узынлыққа созылған болсын.
5 Қала ортада жайласқан болып, оның сыртынан баслап, шығысқа, қублаға, батысқа ҳәм арқаға қарай еки мың шығанақтан өлшеп шығың. Булар қалалар ушын жайлаўлар болады.
6 – Лебийлилерге берилетуғын қалалардан алтаўы паналайтуғын қала болсын. Солай етип, адам өлтириўшиниң сол жерге қашыўына жол қоясызлар. Усы алты қаладан тысқары лебийлилерге қырық еки қала берилсин.
7 Барлығы болып, лебийлилерге жайлаўлары менен бирге қырық сегиз қала бересизлер.
8 Израиллылардың үлес жеринен лебийлилерге берилетуғын қалалар ҳәр бир урыўға түскен пайына ылайықлы болсын. Көп алған урыў көп, аз алған урыў аз сандағы қала берсин.
9 Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесиўин даўам етип, былай деди:
10 – Израиллыларға былай деп айт: «Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизден кейин,
11 паналайтуғын қалаларды таңлап алың. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол паналайтуғын қалаға қашып кете алатуғын болсын.
12 Бул қалалар адам өлтирип қойған адамның жәмийет алдында ҳүким етилмесинен алдын өлтирилмеўи ушын, оның өш алыўшы әменгерден қашып, паналайтуғын жери болады.
13 Сизлер ажырататуғын алты қала паналайтуғын қала болсын.
14 Паналайтуғын қалалардың үшеўи Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен, қалған үшеўи Қанан жеринен таңлап алынсын.
15 Бул алты қала израиллылар ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер менен жат жерли адамлар ушын паналаў қаласы болсын. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол жерге қашып барсын.
16 Егер ким де ким темир қурал менен бир адамды урып өлтирип қойса, онда урған адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
17 Егер тас пенен биреўди урып, оны өлтирсе, өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
18 Ямаса ол ағаш буйым менен биреўди урып, оны өлтирсе, онда өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
19 Өлген адамның өш алыўшы адамы қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
20 Сондай-ақ егер бир адам биреўди жек көргенликтен ийтерип жиберип ямаса билқастан оған қарай бир нәрсени ылақтырып, ол адамды өлтирсе,
21 ямаса өшегисип, оны мушы менен урып өлтирсе, урған адам сөзсиз өлтирилсин. Өйткени ол қанхор. Өлген адамның өшин алыўшы адам қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
22 Егер ким де ким бир адамды өшегисип емес, ал абайсыздан ийтерип жиберсе, ямаса оған қарай билместен бир нәрсени ылақтырып жиберсе,
23 ямаса оны көрмей қалып, үстине бир тасты түсирип алып, оны өлтирип қойса, бирақ өлтирип қойған адам оған душпан болмай, оған жаўызлық ойламаған болса,
24 жәмийет адам өлтирип қойған менен өш алыўшы әменгердиң арасында усы қағыйдалар бойынша қарар шығарсын.
25 Жәмийет адам өлтирип қойған адамды өш алыўшы әменгердиң қолынан қорғаўы керек ҳәм оны қашып келген паналайтуғын қалаға қайтадан қайтарып жиберсин. Ол адам мухаддес май менен майланған бас руўханийдиң өлимине дейин сол жерде жасап қалсын.
26 Бирақ адам өлтириўши қашып барған паналайтуғын қаланың шегарасынан шықса,
27 өш алыўшы әменгер де оны паналайтуғын қаланың шегарасының сыртында көрип қалса, өш алыўшы әменгер адам өлтириўшини өлтирсе, ол айыплы саналмайды.
28 Өйткени адам өлтириўши бас руўханийдиң өлимине дейин паналайтуғын қала ишинде болыўы керек. Тек ғана бас руўханийдиң өлиминен соң өз жерине қайтыўына болады.
29 Қай жерде жасасаңыз да булар әўладлар даўамында сизлер ушын қағыйда болсын.
30 Адам өлтириўши гүўалардың айтқан сөзлери бойынша өлим жазасына тартылсын. Тек бир адамның ғана гүўалығы менен ҳеш ким өлтирилмесин.
31 Өлимге ылайықлы қанхордың жанын қутқарыў ушын қун алмаң, ол сөзсиз өлтирилсин.
32 Паналайтуғын қалаға қашқан адам қун төлеп, бас руўханийдиң өлиминен алдын өз жерине қайтып барып жасаўына рухсат бермең.
33 Өзлериңиз жасап атырған елди ҳарамламаң. Қан төгиўшилик елди ҳарамлайды. Ишинде қан төгилген жер тек ғана қан төккен адамның қаны менен пәкленеди.
34 Өзлериңиз ишинде жасап атырған ҳәм Мен ишинде болып атырған жерди ҳарамламаң. Себеби Мен израиллылардың арасында жасайтуғын Жаратқан Ийемен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.