Санлар 36 bob

Селофехадтың қызларының үлес жери (1-13).

1 Бир күни Юсуп улы Менашше урыўынан Махир улы Гилад әўладынан болған басшылар Муўсаның ҳәм Израилдың тийре басшыларының алдына келип, оларға былай деди:
2 – Жаратқан Ийе елди мүлик етип, шек бойынша израиллылар арасында үлестириў ушын мырзамыз Муўсаға буйрық берди. Туўысқанымыз Селофехадтың мүлки қызларына берилиўи ушын да буйрық берилген еди.
3 Деген менен, егер Селофехадтың қызлары басқа бир Израил урыўына тийисли еркеклерге турмысқа шықса, олардың мүликлери күйеўлери тийисли болған урыўдың мүлкине өтип кетеди. Сонда урыўымыз шек бойынша алған жер үлесиниң бир бөлегинен айырылып қалады.
4 Ҳәттеки, израиллылардың Қутлы жылы белгиленгенде де, қызлардың мүлки урыўымызға қайтарылмай, күйеўлери тийисли болған урыўда қалып кетеди. Солай етип, олардың мүликлери бабаларымыздың урыўына түскен мүликтен алынып, бир бөлек жеримизден айырылып қаламыз.
5 Муўса Жаратқан Ийениң сөзи бойынша израиллыларға былай деп буйрық берди: – Юсуп әўладынан болған адамлардың айтқанлары дурыс.
6 Жаратқан Ийе Селофехадтың қызлары ҳаққында мынадай буйрық береди: «Селофехадтың қызлары қәлеген жигитке турмысқа шығыўына болады, бирақ бул жигитлер әкесиниң урыўынан ҳәм тийресинен болыўы шәрт.
7 Израил халқының мүлик етип алған жери бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпесин. Ҳәр бир израиллы өз урыўының мүлкин сақлап қалсын.
8 Израилдағы ҳәр бир урыўдағы жер мүлкине мийрасхор болған қыз әкеси тийисли болған урыў ҳәм тийресиндеги жигитке турмысқа шықсын. Солай етип, ҳәр бир израиллы ата-бабаларының мүлкине өзлери ийелик етип қалсын.
9 Сонда мүлик бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпейди. Ҳәр бир Израил урыўы өзлерине алған мүликти сақлап қалсын».
10 Селофехадтың қызлары Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай иследи.
11 Селофехадтың қызлары Махла, Тирса, Хогла, Милка ҳәм Ноа өз аталас ағаларына турмысқа шықты.
12 Солай етип, олар Юсуп улы Менашше урпағынан болған жигитлерге турмысқа шықты ҳәм олардың мүликлери әкелери тийисли болған тийре ҳәм урыўда қалды.
13 Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихо қаласының қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында израиллыларға берген буйрық ҳәм нызамлары усылардан ибарат еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.