Санлар 6 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Егер еркек ямаса ҳаял айрықша ўәде берип, өзин нәзир сыпатында Жаратқан Ийеге бағышласа,
3 ол шараптан ҳәм ҳәр қандай өткир ишимликтен өзин тыйсын. Жүзимнен ямаса басқа өткир ишимликлерден исленген сирке суўынан ишпесин. Жүзимнен таярланған ширели суўдан ишпесин. Жүзим де, кишмиш те жемесин.
4 Ол Жаратқан Ийеге бағышланған дәўиринде жүзимнен таярланған ҳеш нәрсе жемесин, ҳәттеки, жүзимниң дәнесинен қабығына дейин аўзына улыўма алмасын.
5 Нәзир сыпатында бағышланған дәўиринде басына ҳеш қандай пәки тиймесин. Ол өзин Жаратқан Ийеге арнаған дәўириниң ақырына дейин мухаддес болсын, шашын өсирсин.
6 Сол күнлер даўамында өлиге жақынламасын.
7 Ҳәттеки, оның анасы, әкеси, аға-иниси ямаса әжапа- қарындасы қайтыс болса да, олар себепли өзин ҳарамламасын. Өйткени оның басындағы шашы – өзин нәзир сыпатында Қудайға бағышлағанының белгиси.
8 Ол нәзир болған дәўиринде Жаратқан Ийеге бағышланған болады.
9 Егер оның жанында тосаттан биреў қайтыс болып қалса, онда ол адамның бағышланған шашы ҳарамланады. Сол себепли нәзир болған адам өзин пәклеў ушын жети күннен кейин шашын алдырып тасласын.
10 Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелип, Ушырасыў шатырының алдында руўханийге берсин.
11 Руўханий булардың биреўин гүна қурбанлығы етип, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Солай етип, өли себепли айыплы болған сол адам ушын пәклеў рәсими өткерилсин. Сол күни ол өз басын қайтадан бағышласын.
12 Ол ҳарамланғанлығы себепли оның алдынғы бағышланған күнлери есапқа алынбайды. Сонлықтан, айып қурбанлығы ушын бир жасар еркек тоқлы усынып, Жаратқан Ийеге өзин қайтадан бағышлаўы тийис.
13 Нәзир болған адамға арналған қағыйда мыналардан ибарат: оның бағышланыў күнлери тамам болғанда, ол Ушырасыў шатырының алдына алып келинсин.
14 Усы жерде ол Жаратқан Ийеге мына қурбанлықларды усынсын: жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз бир еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жасар минсиз бир қой, татыўлық қурбанлығы ушын минсиз бир қошқар,
15 ғәлле садақасы ҳәм ишимлик садақалары менен бирге бир себет ашытқысыз нанлар – сапалы уннан зәйтүн майы қосылған шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер.
16 Руўханий буларды гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынсын.
17 Кейин қошқарды ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығы етип усынсын. Сондай-ақ, себеттеги ашытқысыз нанларды да усынсын.
18 Соннан соң, нәзир болған адам Ушырасыў шатырының алдында бағышланған шашын алдырып, шашын татыўлық қурбанлығы жандырылып атырған отқа жағып жиберсин.
19 Нәзир болған адам шашын алдырғаннан соң, руўханий қошқардың қайнатылған алдынғы бир санын, себеттен ашытқысыз бир нанды ҳәм пәтирди оның қолына услатсын.
20 Кейин руўханий буларды Жаратқан Ийеге бағышлаў ушын жоқары көтерип усынсын. Булар жоқары көтерип усынылған төс ҳәм артқы сан менен бирге мухаддес болып, руўханийдиң пайы саналады. Соннан кейин нәзир болған адам шарап ишиўине болады.
21 Ўәде берип, нәзир сыпатында бағышланған адам ушын қағыйдалар усылардан ибарат. Ол усы қағыйдаларға муўапық Жаратқан Ийеге қурбанлықларын берсин. Соның менен бирге, қолынан келгенинше оннан да көбирегин бериўине болады. Ол ўәде бергениндей етип ҳәм бағышланыў қағыйдаларына муўапық түрде анық орынлаў керек».
22 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23 – Харон менен оның улларына былай деп айт: «Израил халқына ақ пәтия бергениңизде, оларға былай деп айтың:
24 „Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын, қорғасын!
25 Жаратқан Ийе сизлерге Өз жүзиниң нурын шашсын, реҳимли болсын!
26 Жаратқан Ийе сизлерге Өз нәзерин салсын ҳәм тынышлығын берсин!“
27 Солай етип, руўханийлер атымды айтып, Израил халқына ақ пәтия берсин. Сонда Мен де оларды жарылқайман».