Санлар 9 bob

Қутқарылыў байрамына байланыслы нызамлар (1-14). Мухаддес шатыр үстиндеги булт (15-23).

1 Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың биринши айында Жаратқан Ийе Синай шөлинде Муўсаға былай деди:
2 – Израиллылар Қутқарылыў байрамын белгиленген ўақытта байрамласын.
3 Барлық нызам ҳәм қағыйдаларға әмел қылып, қурбанлықты белгиленген ўақытта, усы айдың он төртинши күни кеште шалсын.
4 Солай етип, Муўса израиллыларға Қутқарылыў байрамын белгилеўди буйырды.
5 Олар Синай шөлинде биринши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын белгиледи. Олар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.
6 Ал өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған базы адамлар сол күни Қутқарылыў байрамында қатнаса алмады. Сол күни олар Муўса менен Харонның алдына келип,
7 Муўсаға былай деди: – Өлиге жантасқанымыз ушын ҳарам саналамыз. Бирақ белгиленген ўақытта басқа израиллылар менен бирге Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықты не ушын усына алмаймыз?
8 Муўса: – Күтиң, Жаратқан Ийениң сизлер туўралы маған не буйыратуғынын тыңлап көрейин, – деди.
9 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10 – Израиллыларға былай деп айт: «Араңызда бириңиз ямаса әўладыңыздан биреўи өлиге бир жерин тийгизгени ушын ҳарам саналса ямаса биреўи узақ сапарға кетсе, ондай адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын нышанлаўына болады.
11 Бундай адамлар екинши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў қурбанлығын шалып, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин.
12 Таңға дейин қурбанлықтың гөшинен бир түйир де қалмасын, сүйеклери сындырылмасын. Қутқарылыў байрамын барлық қағыйдалар бойынша белгилеўиңиз тийис.
13 Бирақ пәк саналған ҳәм узақ сапарда болмаған адам Қутқарылыў байрамына қатнасыўдан бас тартса, ол белгиленген ўақытта Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық бермегени ушын халқының арасынан жоқ қылынсын. Солай етип, ол өз гүнасының жазасын тартады.
14 Араңызда жасап атырған келгинди бир адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамына қатнасыўды қәлесе, ол байрамның нызам ҳәм қағыйдаларына әмел қылсын. Жергиликли болсын, келгинди болсын, ҳәмме ушын усы нызамды қолланыўыңыз тийис».
15 Мухаддес шатыр, яғный буйрықлар қойылған шатыр тикленген күни оның үстин булт қаплады. Мухаддес шатырды қаплаған булт кештен азанға дейин от сыяқлы болып туратуғын еди.
16 Бул аўҳал ҳәр күни даўам етти. Мухаддес шатырды қаплаған булт кеште от сыяқлы болып туратуғын еди.
17 Булт шатырдан жоқары көтерилгенде, Израил халқы жолға шығатуғын еди. Булт қай жерде тоқтаса, олар сол жерде тоқтайтуғын еди.
18 Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шығып, Оның буйрығы бойынша тоқтап, шатырларын тигетуғын еди. Булт Мухаддес шатырды қаплап турған ўақытта, олар да сол жерде туратуғын еди.
19 Булт Мухаддес шатырды узақ ўақыт қаплап турғанда, Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығына әмел қылып, жолға шықпайтуғын еди.
20 Базыда булт Мухаддес шатырды азғантай күн қаплап туратуғын еди. Халық та Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, я қоныс басқан жерде қалатуғын, ямаса көшетуғын еди.
21 Базы ўақытлары булт тек ғана кештен азанға дейин турып, азанда Мухаддес шатырдан көтерилетуғын еди. Сонда халық жолға шығатуғын еди. Түнде болсын, күндиз болсын, булт шатырдан көтерилиўден, халық жолға шығатуғын еди.
22 Булт Мухаддес шатырды еки күн, бир ай ямаса узақ ўақыт қаплап турса да, израиллылар қоныс басқан жеринде қалып, жолға шықпайтуғын еди. Бирақ булт жоқары көтерилиўден, олар жолға шығатуғын еди.
23 Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша қоныс басатуғын ямаса жолға шығатуғын еди. Усылай етип, олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығына әмел қылды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.