Матта 12 bob

Дем алыс күни ҳаққында тартыс (1-14), Қудайдың таңлаған Хызметшиси (15-21), Қудайдың Руўхына қарсы болмаў туўралы ескертиў (22-37), Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў (38-42), Қайтып келген жаўыз руўхлар (43-46), Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары (47-50).

1 Сонда бир дем алыс күни* Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады.
2 Буны парисейлер көрип, Оған: – Қара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
3 Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4 Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Қудайға арналған нанларды жеген емес пе?
5 Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма?
6 Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар.
7 Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сөздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер.
8 Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
9 Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди.
10 Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды: – Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?
11 Ийса оларға: – Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма?
12 Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.
13 Соңынан Ол қолы ләң адамға: – Қолыңды соз! – деди. Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды.
14 Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
15 Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине көп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип,
16 Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди.
17 Бул Қудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
18 «Бул – таңлап алған Хызметшим, Кеўлим унатқан Сүйиклим. Мен Өз Руўхымды Оған беремен. Ол ҳәмме халықларға әдилликти жәриялайды.
19 Тартыспайды да, бақырмайды да, Оның даўысы көшелерде еситилмейди.
20 Әдиллик жеңиске ериспегенше, Ол бүгилген қамысты сындырмайды Ҳәм пысқып турған пиликти өширмейди.
21 Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды».
22 Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады.
23 Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып: – Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.
24 Буны еситкен парисейлер: – Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести.
25 Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды.
26 Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады?
27 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
28 Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени.
29 Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
30 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
31 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди.
32 Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
33 Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди.
34 Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
35 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады.
36 Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт.
37 Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да.
38 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.
39 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
40 Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады.
41 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
42 Қубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
43 – Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды.
44 Сонда ол өзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди.
45 Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады!
46 Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды.
47 Сонда биреў Оған: – Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.
48 Ол буны айтқан адамға қарап: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
49 Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
50 Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.