Юхан 10 bob

Ийса – жақсы шопан (1-42).

1 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы.
2 Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны.
3 Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады.
4 Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды.
5 Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды.
6 Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди.
7 Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман.
8 Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады.
9 Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады.
10 Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим.
11 Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди.
12 Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын көрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди.
13 Өйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди.
14 Мен – жақсы шопанман.
15 Әкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Әкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен.
16 Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады.
17 Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Әкем Мени сүйеди.
18 Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Өзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Әкемнен алдым.
19 Усы сөзлер себепли, яҳудийлер арасында және бөлиниў пайда болды.
20 Олардың көбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди.
21 Ал басқалары: – Бул жинли адамның сөзлери емес. Жин соқырдың көзлерин аша ала ма? – деди.
22 Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Қыс еди.
23 Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди.
24 Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Қашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди.
25 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Әкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр.
26 Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер.
27 Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди.
28 Мен оларға мәңгилик өмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды.
29 Оларды Маған берген Әкем – ҳәммеден уллы. Әкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды.
30 Мен ҳәм Әкем бирмиз.
31 Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды.
32 Ийса олардан: – Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады.
33 Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», – деп атырсаң, – деди.
34 Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим», – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе?
35 Қудай Өз сөзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды.
36 Әкениң Өзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Қудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Қудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер?
37 Егер Әкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер.
38 Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Әкениң Менде, Мениң Әкеде екенимди түсинип, билип аласызлар.
39 Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды.
40 Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды.
41 Оған көп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди.
42 Сол жерде көп адамлар Ийсаға исенди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.